ШАЪБАН АЙЫНДАҒЫ ОРАЗАНЫҢ СЫРЫ
Шаъбан дегенимиз - оразаның келгенин байрамлайтуғын Рамазаннан алдынғы ай (ҳижрий календарьдағы 8-ай).
Шаъбан айының басқа айлардан пазыйлети сонда, бул айда бендениң ислеген ийги әмеллери Аллаҳтың ҳүзирине көтериледи. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "...Бул айда қылған әмеллер Аллаҳтың ҳүзирине көтериледи. Сонлықтан мен өз әмеллеримниң ораза ҳалымда (Аллаҳқа) көтерилиўин жақсы көремен" - деген. (Имам Насаий рәўияты).
Усы ҳәдийстен Шаъбан айында бежерилетуғын тийкарғы ибадат - нәпил оразасы, ямаса ибадатларды кеширек баслағанлар ушын қаза оразаларын тутыў десек болады. Расында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам басқа айларға қарағанда усы айда көбирек ораза тутатуғын болған. Усы жол менен Рамазандағы ибадатқа таярлықты күшейткен. Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: "Мен Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның Рамазан айынан басқа ҳеш бир айда толық ораза тутқанын ҳәм Шаъбандағыдай көп ораза тутқанын көрмедим", - деген. (Имам Бухарий ҳәм Мүслим рәўияты).
Демек, бул ораза адамлар бирден ораза тутып, қыйналып қалмаўы ушын Рамазан айына таярлық ретинде тутылатуғын ораза деўге болады.
🔵 @MagzaniyshanUz