Себеби, таң атса түңликти ашып жақты түсиретуғын да, күн ысыса түңликти жаўып, көлеңке түсиретуғын да, жатарда түңликти жаўып үйди қараңғылайтуғын да бақан есапланады.
Усындай әҳмийети ушын ба ямаса қарақалпақларда ағаш материалларының кемлигинен бе, бақанға халық жүдә ҳүрмет пенен қарайды, жүдә абайлылық пенен услайды. Хожалық қурыўға таярланып атырған жас келиншеклерди де усыған үйретеди. Қарақалпақ халқында ески дәстүр бойынша келиншектиң беташары:
Үй сыртына мал келсе,
Бақанлама келиншек,
Бақаныңды сындырып,
Қақаңлама келиншек,---деп басланады.
Барлық қәдеси менен тигилип, безенип үскенеленген үйди "отаў" деп атайды. Отаў атамасы қарақалпақларда кең мағынада қолланылады. Булардан тысқары, қара үйдиң жүдә әпиўайы, көлеми бойынша отаўдан кишилеў ҳәм пәс, үлкен безеўди талап етпейтуғын түри бар, оны "жолым үй" деп атайды. Ерте заманларда адамлар қара үйди таба алмай, үйдиң керегесин қурастырып, үстин табылған зат пенен бастырып оңысық қылған. Буны халықта "ылашық" деп атайды. Отаў да, ылашық та халықтың турмысына ерте заманлардан кирип келген, дәстан ҳәм толғаўларда да ушырасады.
Мысалы:
Алмабас, қуба үйрек, соналы ғазлар,
Ушса ғарқылдасып, көлди жандырар,
Ақ отаў ишинде отырған қызлар,
Сүйсең додақынан тилди жаздырар,---
деп, "отаў" атамасы, тоқ турмыстың, шадлы өмирдиң, ўақтыхошлық пенен бир қатарда гезлеседи.
Қара үй халықтың тийкарғы турақ жайы болған, онда қыста да отырған. Бирақ, сыртын шеңгелден, қамыстан ямаса жыңғылдан ислеген қора менен қоршаған. Бул қора, қара үйге қатты самалды жибермеў ушын.
Қара үйдиң ортасы от жағыўға бейимлестирилип, төрт мүйешли етип қазылған, оны "ошақ" дейди. Дөгерегине 4-5 сантиметр енликтеги тақта қағылған, оны "алақшын" деп атаған. Оның ортасына от жағылған. От жағыларда түңлик ашылған. Хожалықтың ағзаларъы ошақты айланшықлап отырып жылынған. Буннан тысқары үйдиң кирер жериниң оң тәрепи үйдиң ҳаял-қызлар отыратуғын бөлими болып, сол жерде қазан асыў ушын ылайдан соғылған екинши ошақ болған. Оны "қазан ошақ" ямаса "тандыр ошақ" деп атайды.
Жазда қара үйди тигип өзиниң шарўашылығына қолайлы жерде адамлар бөлек-бөлек отыра берген. Бирақ, қысқа қарай отырықшы бир аўыл болып, ямаса бир уруў болып, уруў басшылары, бийлери, байлардың қалаларында қыслаған.
Тәртип бойынша ҳәр қандай қара үй үш бөлимнен ибарат болады. Үйдиң кирер жери--үйдин "шеп тәрепи" деп аталып, бул ъаял-қызлардың бөлеги есапланған. Бул негизинен асхана хызметин атқарып, үйдиң дәскелери усы жерге жыйналған. Ал, үйдиң кирер жериниң шеп қапталы үйдиң "оң жағы" деп аталып, ҳүрметли, сыйлы орын есапланған. Бул жер азада тутылған, онда тек қонақлар отырған. Есиктиң туўрысы--үйдиң "төри" деп аталады. Төрде еркек адамлар отырған.
Үйдиң усылайынша бөлиниўине байланыслы үй-үскенелери [үй тутыныў затлары] ҳәм қазан-табақлар белнили бир тәртипте жайластырылған. Мысалы, үйдиң "шеп тәрепинде" ылайдан исленген ошақ болған. Онда аўқат писирилген. Аўқат шойыннан исленген қазанда асылған. Қазан алты яки он еки қарыс болып, шаңарақтың үлкен яки кишилигине қарай қолланылған. Қазанға ағаш қақпақ бастырылған. Аўқат исленгеннен кейин ағаштан исленген түбелекке түсирилген. Түбелек ошақтың түбинде турған. Оннан арыда, иргеге жақын жерде сабаяқ турған. Сабаяқ ағаштан исленген стол сыяқлы буйым. Тийкарғы ўазыйпасы торақ салынған тулыпты ызғардан сақлап турыў болған. Сабаяқ ярым метр бийикликте болып, үстине торақ салынған тулып қойылса, астына қазан-табақ жайластырылған. Сабаяқтың үстинде керегениң басына илдириўли керги турған. Керги жүннен нағысланып тоқылған. Оның ишинде қасық-табақлар турған. Барлық қасық-табақ кергиге салына бермеген, гейпара ўақытлапда керги қара үйдиң безеўин де атқарған. Бундай кергилер қара үйдиң тғринде турған. Қасық-табақ салынатуғын керги менен бир қатарда, кергиниң басына майқабақ, аўыз қабақ, шанаш, кепкир усаған үй дәскелери илдирилген. Май қабақ--суў тасыйтуғвн суў қабақтың кишкене түри. Оған тек май қуйып қойылған. Аўыз қабақ суў тасыйтуғын бөлимине шекем кесип алынған қабақ болған.