Forward from: Қарақалпақ Әдебияты
ҚАРЫЗЫМ КӨП
Устаз Ибрайым Юсупов Жерге берилген күни жазылған қосық ямаса достым Қуўанышбай Оразымбетов пенен сырласыў
Бир Алладан бийжуўап жақсы қосық жазылмайды.
Деми таўсылмағанша бендеге Жай қазылмайды.
Жүректен жақсы қосық жан менен бирге шығады.
Ол – тәнге жанды жетелеген Тәңримниң сазындайды…
Бахтыярда қосық жоқ. Қарақалпақтан жыр кетти…
"Тирилер"ден түңилип, бул дүньядан Тири кетти.
Енди ғана ер жеткен Поэзия жетим қалды.
Шайырларды жылатып Уллы Ибрайым пийрим кетти…
Ўаҳ!.. Жоражан, қәйтейин жүрегим музлап атыр.
Әлле нәрсе сызлатып ҳәм тилкимлеп дузлап атыр…
Өзим ғана аңлайтуғын, өзим ғана түсинген,
Асқар таўын жоғалтқан бир әлем бозлап атыр…
Сум әжел, бул қара жер жақсыларға тоймады бир.
Адамлар Сорша көксин ойғанын ҳеш қоймады бир.
Жүреклердиң төрлеринен орын алған Ағамлар,
Ўаҳ!.. Жоражан! Кең дүньяға неге,неге сыймады бир?!.
Мен бүгин бул Соршада бир кәрамат – Сезим көрдим.
Ағамның Жер Жайында Ҳақыйқаттың Көзин көрдим.
Аршы Әлем Ағласына Периштелер алып ушты,
Пийримди қушағына қолым менен өзим бердим…
Бул дүньяға, жоражан, айтатуғын арызым көп.
Өзим билген ҳәм билмеген өтеўим шәрт парызым көп.
Пүткил өмирим даўамы желкемде Қылыш турар:
Уллы Ибрайым шайырға жақсы қосық қарызым көп…
© Автор Бахтыяр Генжемуратов
Нөкис. Сорша. 2008-жыл, 27-июль
@b_genjemuratov
@Merwert_uz
@ADEBIYAT_QR