🍃🌹🍃 Нақыл-мақаллар
Ойнақлаған бузаў от басар.
Атың шаппаса да жулқынсын,
Қусың алмаса да қылғынсын,
Таяғың тиймесе де томп етсин.
Өзи түйели жүрип, пиядаға буқ дейди.
Өгизди өрге салма,
Қанатың сынар,
Ақмаққа ақыл айтпа,
Сағың сынар.
Жылқы малдың патшасы,
Түйе малдың қасқасы.
Көрким көлик болмас,
Шашым саўын болмас.
Жақсы жаныңа жолдас,
Жаман малыңа жолдас.
Қасқырдың ойлағаны жаманлық,
Қойдың ойлағаны аманлық.
Қасқырда аштан өлмесин,
Қойда ҳарам өлмесин.
Озып келген көкшениң,
Бермейсенбе байрағын,
Озалмаған шабанның,
Аямаңыз дойнағын.
Жалғыз қойдың қатығы иркит болмас,
Өзи туўылған жигитти иркип болмас,
Көлде мың қара қус шақырсада,
Илерине келгенде бүркиттей болмас.
Жаман тартса турмайды,
Шапса озбайды,
Қазақыны суўға салсаң,
Жолдайды деп басбайды.
Төрт аяғы тең жорға,
Судигарда саспайды,
Жаман адамға сөз айтсаң,
Алдайды деп нанбайды.
Гүўенде тәўир ақ бузаў еди,
Жалай-жалай қурттай болды.
Менде қарап жатырғаным жоқ,
Бир қуйрықты таўлап жатырман.
Ат киснесе үйирин сағынады,
Ер еснесе елин сағынады.
Атан өлсе тайлақ бар,
Жүгин жолда қалдырмастай,
Ата өлсе улы бар,
Мүлки ойран болмастай.
Ат туяғын тай басар.
Қулынлаған бийеден,
Қудықтағы суў қалмас.
Жалы сулыў наз бедеў,
Адым урып шабады,
Жалғыз шапқан жүйриктиң,
Аяғын томар қағады.
Жалым сулыў бедеўмен,
Шабайын деп арқам қозады,
Аяғым ақсақ тулпарман,
Шапсам ябы озады.
Атлының неден ғамы бар,
Пияданың тек шықпаған жаны бар.
Қасқадан ала аяқ туўады,
Қышымадан қуршаңқы туўады.
Еки сыйыр саўғанның айраны бар,
Еки қатын алғаннын ойраны бар.
Ешки сақласаң жүни көп болады,
Мүйизи пышағыңа сап болады.
Айт атлыныкы,
Той тонлыники.
Ат жақсысы боз болады,
Ер жақсысы таз болады.
Атты түйек қартайтады,
Жигитти орақ қартайтады.
Еки ат тебисер,
Арасында ешек өлер.
Жаз ақсыз болмас,
Гүз көксиз болмас.
Ойнаса ботасы жеңеди,
Шынтласа атасы жеңеди.
Аттың ашыўы қулағында,
Ийттиң ашыўы қуйрығында.
Атызлы жерде ер өлмес,
Үйирли жерде ат өлмес.
Жуўас айғырдың үйирин,
Ябы баслайды.
Шаўып жүрген жүйрикти,
Шапқан сайын шабады,
Шаппай жүрген жүйрикти,
Шапса томар қағады.
Суў сыйырдан жыйырылады,
Сыйыр суўдан жыйырылады.
Урының малын,
Таўып алсаң ҳадал.
Қойың онға жетсе,
Қонысын изле.
Әдил заман болса,
Бөри менен қозы,
Бирге суў ишеди.
Еме билген қозыға,
Еки саўлықта ийеди.
Аш адамға сыйырдың шақы да жумсақ
Тоқ адамға қой гөшиде қатты.
Қойды мен бағаман,
Гүбини Таңатар писеди.
Кисиниң малы киснетпес.
Ақырған даўысы жағымлы болғанда,
Ешектен қымбат зат жоқ.
Түйениң өзи қандай болса,
Жаўыры да сондай.
Қой жүзге жетсе,
Териси мыңға жетер.
Бир миниўге ат берме.
Ажарлы мал базарлы.
Атты қамшы менен айдаған қуртады,
Жем менен айдаған утады.
Ат шаппайды, бап шабады.
Қой өлсе, қозысы қалар,
Келер жылы өзи болар.
Ат бир теңге,
Абыройы мың теңге.
Таяр атқа ким минбейди.
Өгиз жығылса пышақ алған көбейер.
Өзи тарлан буўрылдың,
Боз болғаны орынсыз.
Мың қойлының иси,
Бир қойлығы түсер.
https://t.me/ibratlı_sózler
Ойнақлаған бузаў от басар.
Атың шаппаса да жулқынсын,
Қусың алмаса да қылғынсын,
Таяғың тиймесе де томп етсин.
Өзи түйели жүрип, пиядаға буқ дейди.
Өгизди өрге салма,
Қанатың сынар,
Ақмаққа ақыл айтпа,
Сағың сынар.
Жылқы малдың патшасы,
Түйе малдың қасқасы.
Көрким көлик болмас,
Шашым саўын болмас.
Жақсы жаныңа жолдас,
Жаман малыңа жолдас.
Қасқырдың ойлағаны жаманлық,
Қойдың ойлағаны аманлық.
Қасқырда аштан өлмесин,
Қойда ҳарам өлмесин.
Озып келген көкшениң,
Бермейсенбе байрағын,
Озалмаған шабанның,
Аямаңыз дойнағын.
Жалғыз қойдың қатығы иркит болмас,
Өзи туўылған жигитти иркип болмас,
Көлде мың қара қус шақырсада,
Илерине келгенде бүркиттей болмас.
Жаман тартса турмайды,
Шапса озбайды,
Қазақыны суўға салсаң,
Жолдайды деп басбайды.
Төрт аяғы тең жорға,
Судигарда саспайды,
Жаман адамға сөз айтсаң,
Алдайды деп нанбайды.
Гүўенде тәўир ақ бузаў еди,
Жалай-жалай қурттай болды.
Менде қарап жатырғаным жоқ,
Бир қуйрықты таўлап жатырман.
Ат киснесе үйирин сағынады,
Ер еснесе елин сағынады.
Атан өлсе тайлақ бар,
Жүгин жолда қалдырмастай,
Ата өлсе улы бар,
Мүлки ойран болмастай.
Ат туяғын тай басар.
Қулынлаған бийеден,
Қудықтағы суў қалмас.
Жалы сулыў наз бедеў,
Адым урып шабады,
Жалғыз шапқан жүйриктиң,
Аяғын томар қағады.
Жалым сулыў бедеўмен,
Шабайын деп арқам қозады,
Аяғым ақсақ тулпарман,
Шапсам ябы озады.
Атлының неден ғамы бар,
Пияданың тек шықпаған жаны бар.
Қасқадан ала аяқ туўады,
Қышымадан қуршаңқы туўады.
Еки сыйыр саўғанның айраны бар,
Еки қатын алғаннын ойраны бар.
Ешки сақласаң жүни көп болады,
Мүйизи пышағыңа сап болады.
Айт атлыныкы,
Той тонлыники.
Ат жақсысы боз болады,
Ер жақсысы таз болады.
Атты түйек қартайтады,
Жигитти орақ қартайтады.
Еки ат тебисер,
Арасында ешек өлер.
Жаз ақсыз болмас,
Гүз көксиз болмас.
Ойнаса ботасы жеңеди,
Шынтласа атасы жеңеди.
Аттың ашыўы қулағында,
Ийттиң ашыўы қуйрығында.
Атызлы жерде ер өлмес,
Үйирли жерде ат өлмес.
Жуўас айғырдың үйирин,
Ябы баслайды.
Шаўып жүрген жүйрикти,
Шапқан сайын шабады,
Шаппай жүрген жүйрикти,
Шапса томар қағады.
Суў сыйырдан жыйырылады,
Сыйыр суўдан жыйырылады.
Урының малын,
Таўып алсаң ҳадал.
Қойың онға жетсе,
Қонысын изле.
Әдил заман болса,
Бөри менен қозы,
Бирге суў ишеди.
Еме билген қозыға,
Еки саўлықта ийеди.
Аш адамға сыйырдың шақы да жумсақ
Тоқ адамға қой гөшиде қатты.
Қойды мен бағаман,
Гүбини Таңатар писеди.
Кисиниң малы киснетпес.
Ақырған даўысы жағымлы болғанда,
Ешектен қымбат зат жоқ.
Түйениң өзи қандай болса,
Жаўыры да сондай.
Қой жүзге жетсе,
Териси мыңға жетер.
Бир миниўге ат берме.
Ажарлы мал базарлы.
Атты қамшы менен айдаған қуртады,
Жем менен айдаған утады.
Ат шаппайды, бап шабады.
Қой өлсе, қозысы қалар,
Келер жылы өзи болар.
Ат бир теңге,
Абыройы мың теңге.
Таяр атқа ким минбейди.
Өгиз жығылса пышақ алған көбейер.
Өзи тарлан буўрылдың,
Боз болғаны орынсыз.
Мың қойлының иси,
Бир қойлығы түсер.
https://t.me/ibratlı_sózler