ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: not specified


От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


💥 БҮГИН 23 - НОЯБРЬ. ҚАЎЫС АЙЫНЫҢ 23-СӘНЕСИ !

🌸🌤🍀 АССАЛАЎМА
🌤🌸🍀 АЛЕЙКУМ!!!

🌹🍃 Рәббимнинг мәрҳаматы менен берилген және бир жаңа таң, жаңа күн бәршемизге мубарек ҳәм қайырлы болсын!

🌷🍃 Илайым ҳәммениң;
🌷🍃 Кеўили ТЫНЫШЛЫҚты,
🌷🍃 Жүзлери КҮЛКИни,
🌷🍃 Шаңарағы БЕРЕКЕТти,
🌷🍃 Қалталары  ДӘРАМАТты,
🌷🍃 Қәлби  ИЙМАНды,
🌷🍃 Денелери  САЛАМАТЛЫҚты,
🌷🍃 Жүреклери МИЙРИМди жоғалтпасын!

🍃Күниңиз берекетли ҳәм мазмунлы өтсин!🤲



Бизди бақлап барың!👇🏻                


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#ҚАЙЫРЛЫ_АҚШАМ!

Ерте таңнан биз бенен бирге болғаныңыз ушын сизлерге шексиз миннетдармыз.
Қайырлы түн қәдирданлар,  түниңиз тыныш болсын, жақсы түслер көриң.

Таңда дийдарласқанша  жақсы дем алың!

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

2.7k 0 32 16 49

БАХЫТ ӨЗ ҮЙИМНИҢ ЕСИГИ

Сондай ысық мениң көзиме,
Исениңлер айтқан сөзиме,
Тартып турар мени өзине,
Бәрҳа, өз  үйимниң есиги.

Сағынаман қайда жүрсем де,
Күндиз ашық, түнде илсем де,
Хызметимде шықсам, кирсем де,
Бәрҳа өз үйимниң есиги.

Сыртта жүрсем үйге асығып,
Жақынласам маўқым басылып,
Босағадан кирсем бас урып,
Күтер өз уйимниң есиги.

"Әли баба" алтын ийесиниң,
Қәлемеймен  "сим-сим" есигин,
Сондай мениң қарар, шешимим,
Алтын өз  уйимниң есиги.

Бар, өзимниң үйим, дәргайым,
Қумсамайман ханның "сарай"ын,
Барсам өз үйиме барайын,
Жәннет, өз үйимниң есиги.

Болмаса да үйим саўлатлы,
Мебель толы еки қабатлы ,
Жатырқамас келген қонақты,
Ашық өз үйимниң есиги.

Келген яр-дос, қонақларыма,
Алдыларына қойсам "бар"ына ,
"Шүкир" қылса дастурханыма,
Ашық бәрха үйдиң есиги .

Басқа "есик" басқаға бәлким ,
Унаў мүмкин, ҳәр түрли ҳәр ким ,
Кирип шықсам мен ушын ҳәр күн,
Бахыт, өз үйимниң есиги...

Ерм.Ак.
Ермекбай Акимбаев.
Қоңырат
20.11.2024-ж.
👉👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler


"Қыял атаўы" дөретпеси менен 1985-жылы Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының сыйлығын алған шайыр шайыр ҳәм жазыўшы ким?
Poll
  •   Ж.Аймурзаев
  •   Ш.Сейтов
  •   А.Дабылов
  •   И.Юсупов
1870 votes

4.1k 0 10 78 49

1910-жылы Шымбай районында туўылған жазыўшы ким?
Poll
  •   И.Юсупов
  •   А.Дабылов
  •   Ж.Аймурзаев
  •   И.Сағытов
1959 votes

4.1k 0 11 48 45

Ядыңнан шықпасын душпанның пәнти, Гитлердиң бузылған менменлик шәрти, Азатлық дүньяның болыңыз мәрти, Ўатан ушын аянбағыл,.............?
Poll
  •   Яранлар
  •   Балам
  •   Перзентим
  •   Досларым
1840 votes

3.9k 0 10 46 53

#ДЫҚҚАТ    

❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️

ҲҮРМЕТЛИ УСТАЗЛАР БӘРШЕҢИЗДИ 2025-ЖЫЛ УШЫН ГАЗЕТАСЫНА ЖАЗЫЛЫЎҒА ШАҚЫРЫП ҚАЛАМЫЗ ГАЗЕТАНЫҢ БИР ЖЫЛҒА ЖАЗЫЛЫЎ БАҲАСЫ 350 МЫҢ СУМ ЕГЕРДЕ ГАЗЕТАҒА НӨКИС ҚАЛАСЫНАН БОЛСА ӨЗИМИЗДЕН ЖАЗЫЛСА БОЛАДЫ РАЙОНДАҒЫ УСТАЗЛАР ӨЗЛЕРИНИҢ ПОЧТАСЫ АРҚАЛЫ ЖАЗЫЛАДЫ АДМИНСТРАЦИЯСЫ
🔺

Толық мағлыўмат:👇

БУХГАЛТЕР
КӨБЕЙСИНОВ АЗИЗБЕК
Тел:  99894 885 82 88

Пластик: 👇
8600  4929  9823  3254


https://t.me/USTAZ_JOLI
https://t.me/ustaz2023


Билмесе

Көзсиз кеўил гәўҳарды да көмир дер,
-"Шашы узын, ақыл қысқа  әбигер",
Бир жаманға, бир жақсы-бул өмир дер,
Қапа болма қәдириңди  билмесе.

Бул өткинши жалған өмир шын емес,
Бәрҳә айдың он бес күни, түн емес,
Жарық түссе өтмиш болар бир елес,
Қапа болма қәдириңди билмесе.

Көрген, кешкен азабыңа сыйың бар,
Ақыретте мәҳшер күни жыйын бар,
Жаманларға жәннет ушын тыйым бар,
Қапа болма қәдириңди билмесе.

Жайнамазға сиңген тамшы жасың сор,
Ыза, азап жүзлериңе сызған тор,
Айыпсызды хорлағанлар  болар хор,
Қапа болма, қәдириңди билмесе.

Бүкир текте дүзеўленер қәбирде,
Иймансызды тапсыр жалғыз Тәңирге,
Бул имтихан, сабақ ушын тәғдирге,
ыразы бол, халық билер билмесе.

Ол бир соқыр,ишки дуньяң көрмесе,
Қапа болма, қәдириңди билмесе.

     Зульфия  Жийемуратова

👉👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

4.4k 0 32 15 47

КИМ БИЛЕР.?

Танымаған орталықта тон сыйлы,
Бири келте, бири терең кең ойлы,
Адамлар бар минезлери ҳәр қыйлы,
Үлкени ким адамлардың, ким билер?

Кимлери дос, кими душпан билмеген,
Ал, биреўлер сыншыл тезден серлеген,
Күншиллер бар өсек сөзди гөзлеген,
Үлкени ким адамлардың, ким билер?

Биреў мақтар бай баласын ақыл деп,
Биреў айтар сөзлеримде нақыл деп,
Биреўлер бар базылардың ҳақын жеп,
Үлкени ким адамлардың, ким билер?

Биреўлер бар шүкиршилик айтады,
Аса кетпей пикиринен қайтады,
Ал биреўлер жалған текте айтары,
Үлкени ким адамлардың, ким билер?

Биз бәримиз бир Алланың қулымыз
Оған аян бәримиздиң сырымыз,
Дослық болсын уранымыз, жырымыз,
Үлкени ким адамлардың, ким билер?

Адамларға сын тағыўға әззимиз,
Асып таспас ақыл берер сөзимиз,
Тек айтамыз не көрип тур көзимиз,
Улкени ким адамлардың, ким билер?

Алалап биз айталмаймыз билесиз,
Ақыл бергенлерге иштен күлесиз,
Ким қандайын тек сынақта көресиз,
Алла сынар, ким қандайын сол билер?

✍ Зульфия Турымбаева
21.11.2024 ж


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler


#Даналық

Әкениң қәлбин аўыртпа, ел ишинде хор боласаң,

Ананың кеўлин аўыртпа, бир тислем нанға зар боласаң.

👉👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler


Даўамы...

Айтыўынша анасы да жақсы ҳаял екен. Сиз мениң ҳәм әкемсиз, ҳәм анам. Сизге қалай айтарымды билмей жүр едим.
Жақсы жигит болса, бир бириңизди
унатсаңыз.
Ертең ақ келсин деди,-әкеси.
Ертеңине Қудайберген машыны менен Анасы екеўи Севиничтиң үйине келеди. 
Мине келдик дейди баласы
Азада ҳайран қалып, ишинен ҳаў, мынаў Саидтың үйиғо.
Яқ мүмкин емес мениң қызымның аты Малика еди.
Бул қыздың аты Севинич. Олар басқа жерге көшип кеткен шығар деп, ойланып отырады.
Баласы болса, анасына келдик. Кирмейсиз бе?, - дейди.
  Азада ишке кирип келсе,  Саидтың жатканын көреди. Саид  сиз бе дейди,-
Азада.
Сен деп хайран қалады. Мен жайымды сатып, көзиңизге көринбейин деп көшип кетип едим.
Акыры жер дөңгелек екенғой.
Қайтар дүнья деген.
Мине тәғдир бизди тағы ушырастырды.
Қызымның аты Малика едиғо.
Үйимиз қуўанышка, севинишке  толсын деп, Сәрбиназ Севинич деп қойып еди.
Сизге не болды? Қызымыз Севинич
15 жасқа шекем жақсы жасадық.
Кейин Сәрбиназ аўыр дәртке жолығып  қайтыс болды. Бармаған жеримиз, бармаған шыпакер, тәўип қалған жоқ. Ақыры аманатын тапсырды. Сениң ғарғысыңа ушырадық па?  Я Алла тааламның бизге берген жазасыма? Билмедим.
Жумысымда жүриспей қалды.  Өзим өкпе аўырыўына  жолығып мине жатысым, санаўлы күнлериң  калды деди.
Қудайым қандай жаза берсеңде маған берсең боладығо.
Қызым айланып келип, өз инисин сүйип қалған ба? 
Сен қызымды тартып алған күниң, бул баланы мен көшеден таўып алдым.
Азада , қызыңды қайтарып беремен.
Көзимниң тирисинде қызымның тойын көргим келеди деди,-Саид.
Азада кетип баратырып дастурхан көтерип тағы келемиз деп, қызды баўырына басып қушақлады.
Қызым сени келин етип емес, қыз етип аламан деди.
Қудайберген анасына көзиңизде жас  көринеди. Сизге не болды дейди.
Әкесиниң жатақта жатқанын көрип ашынып кеттим дейди.. Жүр балам кеттик.
Машына жүрип кетти.

Өзбек тилинен  аўдарған:
            Гүлбахар Қарабаева.
👉👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

4.3k 0 13 27 47

Арадан ўақыт өтип Азада көтереди.
Саидқа мен жумысқа барғым келип жүр дейди.
Сен жумысқа барып не қыласаң?
Мениң ҳаялым сипсекеш болып ислейме?, - дейди.
Қыз оған усы сипсекеш болып ислеп жүрип, өз бахтымды таптымғо деп, наз етип  Саидқа  қарайды.
Болады жақсы отыр, өзиңе қара жаным деп шығып кетеди. Күйеуин жумысқа шығарып салыў қандай бахыт,- дейди.
Арадан айлар өтіп, Азада босанып қызлы болады.
Бир ай ўақыт өткенсоң, бир күни түнде   бир жигит Азамат ағаң барма? Үйи усыма? - деп ишке кирип келеди.
Есикти илиўди умытып кетиппенғо деп,  Азада сыртқа  шығып,
бақырып турған  жигитке сиз кимсиз дейди.
Сиз алжастыңыз. Бул басқа үй., деп атыр еди.Соның арасында ишке Саид
кирип
келеди.
Сен кимсең? Шық бул үйден неқылып жүрсең?
Келген жигитке асылады.
Мен Азамат ағаның ұйи шығар деп алжасыппан, - деп шығып кетеди.
  Бул жигит Ким? Саған бир еркек азлық еттиме?
Тағы биреўи менен байланысып жүрсең бе? - деп , Азадаға   маған қыянет еттиң бе? - деп түрли сөзди айтып таслайлы.
Азада,  мен танымайман.
Өзиңиз көрдиңизғо ишке алжасып кирген.
Мен сизге қалай қыянет етемен, - деп еди.
  Саған ұш талақ. Сендей ҳаялдың барынан  жоғы деп бақырады. 
Әстерек қызымыз оянып кетеди. Қызымыз дейсең бе? Мениң саған беретин қызым жоқ. Ол мениң қызым деп, ишке кирип  қызын алып шығады.
Сыртта биринши ҳаялы Сәрбиназ турған екен.
Қызды қолына услатады.
Мине сенде  "ана" .болдың дейди. Үйине кетеди.
Сәрбиназдың ишке киргизип болып, қоңырау етип.
Бир жигит пенен сөйлеседи. Рахмет саған қатырып рольге кирип ойнадың.
Ол хеш нәрсе сезбейди .
Қорықпаяқғо маған пластик картаңды жазып жибер.
Өзим пул таслайман деп, жаўып таслайды.
Азада болса жылап-сықлап,  изинше Саидтың үйине келеди. Дәрўазасын қатты- қатты қағып, маған қызымды қайтарып бериң дейди.
Сол ўақытта, қапыны Сәрбиназ ашады. 
Сен неге келдиң жилли,- дейди. Сен үйиңдесең бе? Сени үйине кетти деп атыр едиғо. Демек екеўиңиз тил бириктирип, меннен пайдаланған  екенсизғо. Мениң қызымды кайтарып  бериң, -  деп  Сәрбиназдың шашына асылады.
Соның арасында Саид жетип келеди. Аўзыңды жап, сениң шермендеңди шығараман. Сени  бузыққа шығараман деп, кетпесең өлтирип қояман, -  деп  алқымына асылып буўындыра баслайды. 
Соң кетиўге мәжбүр болады. Ярым ақшамда не ислерин билмей, жылап киятырса, жайдың бир мушында ораўлы жатырған бир нәрсе көзине түседи. Барып қараса
қундақлаўлы жатқан нәрестени көреди.
Дәрриў қолына алып болып, жан жағына қарайды. 
Ҳеш бир жан  көринбегенсоң,
Алла  маған инам еткен шығар деп, баўырына басып, тез - тез адымын атып
үйине келеди.
Айнанайын сени ким таслап кеткен екен, жаным мениң үстиңе қызымның кийимлерин кийгиземен.
Ақыры менде бала кийим жоқғой, деп астын қурғатып кийиндиреди.
Сени таўып алғанымды ҳеш адамға айтпайман. Ҳеш адам билмейди.
Қоңсылар, мениң  жас босанғанымды биледиғо.
Олар ҳеш гүманланбайды. Сезбейди, - деп өз өзин жубатып, тынышланады.
      Маған сени қудайдың өзи  берген шығар. Айдың оң бес күни қараңғы болса, он бес күни ашық екенғо. Атың бүгиннен баслап Қудайберген болады деп, баўырына басады.
  Арадан жыллар өтеди. Қудайберген Севинич деген қыз бенен сөйлесип жүр екен. Севиничке екеўмиздиң  сөйлесип жүргенимизге бир жылдай болды. Үйиңе мен ҳақкында айттыңба?  Анам айттырып баражақ деди. Мени анам бир өзи ҳәм әке ҳәм ана болып, не деген қыйыншылық пенен өсирип тәрбиялады. Мени контрактта оқытып, усы дәрежеге жеткерди. Мине ҳәзир бир мекемеде бас программист болып ислеп атырман. Анама Сизге қызыңыздай болып, хызмет ислейтуғын Келин әкелемен деп ўәде бергенмен. Маған анаңыз  ҳақкында айтпаған екенсиз.Ҳәзир еситип атырман . Яқ еле әкеме айталмай жүриппен
Әкем жатақта жатыр. Қалай айтарымды билмей жүриппен деди. Мен, әкең басқа биреўге узатып жибереме деп,  қәўетерленип атырман, - деди Қудайберген.
Яқшы бүгин-ақ айтаман деди, қыз.
Севинич үйине келип, аға аўқатыңды иштиңизбе?- деп сорады. Аўа қызым аўқатың мазалы болыпты.  Маған бир нәрсе айтпакшымысаң қызым. Аўа, аға
мен бир жигит пенен бир жылдан бери сөйлесип жүр едим. Өзи тәрбиялы жигит. Ишпейди, шекпейди. Бир мекемеде бас программист болып жумыс ислейди.
Анасы екеўи жасайды.

4.4k 0 12 19 71

ЕКИ ҲАЯЛЫ БАР ЖИГИТ.

  Саид, Сәрбиназға үйленгенине әдеўир жыл болды. 
Екеўи бир бирин қәлеп турмыс қурды. Бирақ, арадан сонша жыл өтсе де перзентли бола алған жоқ.
    Саид, бир күни жумыста отырған ўақытта, қәйинатасы телефоннан қоңыраў етеди. Ассалаўма Әлийкум ата
қуўатлы барсызба? 
Саид балам қалайсаң аман жүрсең бе?  Қызым бир өлимнен қалыптығо. Мен оған хеш нәрсе демедим
балалы болмадың депте жүзине баспадым. Сонда не ушын қызым тамырын кеседи.
Мениң жалғыз қызымның бир тал шашы түссе, сени тыныш қоймайман, ол мениң көзимниң қарашығы.
Сол бир қызым ушын сени жоқары лаўазымлы жумысқа өткерип қойыппан,  - деп қәйин атасы бақырады.
Яқшы  ата ҳеш қәўетерленбеңиз, бәри жақсы болады, - деп телефонын жаўады.
     Саидтың қараўында сипсекеш болып ислейтуғын өзи тәрбиялы, атына сай Азада деген қыз бар еди.
Ата - анасынан ертелеў   айрылған еди.
Азада ерте таңда келип баслығы Саидтың бөлмесин тазалап қояды. Бүгинде әдеттегидей сыпырып,  полын жуўып атыр еди, Саид кирип келди.
   - Ассалаўма  Әлийкум Саид аға, - деди, Азада.
Ҳәмме жерди тазалап,  жуўып атыр екенсизғо, сизге қайылман, - деди.
Қолына бир буўат  ақшаны берип атырып, сизиң айлығыңыз -  деди..
Ҳау Саид аға бул көпғой, - деди, қыз.   Сен соған ылайықсаң қарындасым, -деди Саид.
Өзиңе  қарап жүр. Үстиңе жақсы шырайлы көйлек алып кий, - деп күлимсиреп қойды.
Яқшы рахмет.
Әлбетте алып кийемен, - деп қуўанды Азада.
Азада шығып кеткенсоң ақыры қақпанға илиндиңғо, - деп  өзинше мәс болды.
     -Азада  күнде басына орамал тартып, ҳалат кийип келип, бөлмелерди тазалайтуғын еди. Бүгин басқаша.
Орамалын алып таслаған, үстине шырайлы көзге түсетуғын қанық қызыл түсли көйлек кийип келип,  Саидтың отыратуғын бөлмесин сыпырып атыр еди. Бирден ишке Саид кирип келди де,
Азада бұгин ашылып кетипсиз, -  деди.
Қыз уялып, Ассалаўма Әлийкум мен енди кете берейин, - деп шығып баратыр еди ,
Саид қолынан услап қалды.
Мен саған бир сөз айтсам, қапа болмайсаң  ба?, - деди.
Сиз  мениң баслығымсыз,  нешше  жылдан бери қол астыңызда ислеп киятырман, айтабериң, - деди. 
Азада мен сени көп ўақыттан бери сыртыңнан бақлап, унатып жүриппен.
Маған турмысқа шығасаң ба?, - деп қолыңды сорасам, қандай жуўап берген болар едиң.  Ойландыратуғын сорау бердиңизғо. 
Ҳаялыңыз болса , мен қалай Сизге турмысқа шығаман.  Ҳаялым  менен ажырасаман..
Маған перзент инам етпейтуғын, туўмайтуғын ҳаялдың не кереги бар? Мен де әке болғым келеди - деди. Қыз индемей шығып кетти.
       -Кеште чай ишип отырып,  Сәрбиназ күйеуи Саидқа, Мен сизди жумысыңыздағы сипсекеш қыздан қызғана басладым, деди ,
Саид оған несине қызғанасаң? Ол сениң тырнағыңа  да арзымайды.
Енди ол жас қыз болса, мени таслап кетип қалама, - деп қорқып  атырман, - деди ҳаялы.
Сен хеш қорықпа? Неше сулыў қызларды әкелип  дизип қойса да, мен сени олардың ҳеш қайсысына  алмастырмайман, -деди.
Ақыры келискен жоқпыз ба? Сен де  " ана"  болғың келмейме? Қыз көтерип кетсе, Босанаман дегенше қасында болайын. Басқа илажымыз  жоқ, - деп шығып кетеди.
  -  Ертеңине  Азадаға, Саид мениң айтқан сөзим  не болды? Жаўапсыз қалдығо, - деди.
Сиз еле ҳаялыңыздан ажыраспаған
болсаңыз, қалай болады , - деди қыз.
Әлле қашан ол әкесиниң үйинде.
Үйде тек анам бар.
Ҳәзирше сенин ұйиңде жасап турамыз.
Жүмыстан келип бирге боламыз. Ақшам үйде анамның қасында боламан, себеби ол бир өзи қорқады.
Кейин ҳүжжетлерди туўрылағаннан соң,
екеўмиз некеден өтип, сени үйге алып
кетемен, - деди.
Қыз қайыл болады.

Даўамы бар..

👉👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

4.8k 0 18 18 63

Сағыныш...
✨️✨️✨️✨️✨️✨️✨️✨️✨️

Гузги сары гүлдей жүзим сарғайды,
Жолларыңа қарап көзлерим талды,
Сол  бизлерди ушырастырған ақталды,
Бүгин азийз жапырақлары тәрк етер,
Ызғырады салқын гүз самаллары.

Жамалың бул қара  көзлерде қалды,
Айтар сөзлеримде жүректе жанды,
Неге бунша мийримсиз екен тағдийр,
Елеслетер  өмир мәўсими  соңғы,
Айра түскен дуўтардағы жуп тарды..

Әрман болдың , узақларда , Кул болдың,
Суўық хабар!  Қызыл гул едиң, солдың,
Жүрегимде жазар қосығым болдың,
Сорайыншы сеннен ең соңғы ирет:
Кимлер менен жаным  бахытлы болдың?

Делбе самал желкилдетер шашымды,
Ақбоз ат қайда таслады лашыңды,
Бахтың бир күлдиме, айт ырасыңды?
Бүгин еслермен өзиңди жас қыздай,
Қумлы топырақ... жүзлериңди жасырды,

...Және қайтар гүзде қуслар дизбеги,
Сорлы  кеўил бағым сени изледи,
Мухаббат сезими гүдер үзбеди,
Жамалың елеслер меҳир бағышлап,
Әстен әстен кеткендейсең алыслап...

Мейли меннен саған арнаўым болсын,
Қудай шебер, қурқылтайға жол болсын,
Әлемде сүйгенлер бахытлы болсын,
Ҳешким айралықтан жапа көрмесин,
Мухаббат бағында бахты гүл болсын!
✨️✨️✨️✨️✨️✨️✨️✨️✨️

АВТОР: УЗИПА ОРАЗБАЕВНА.

👉👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler



5k 0 154 12 40

🌸🌿🌸🌿🌸🌿🌸🌿🌸🌿🌸🍀☘

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ, ҚАЙЫРЛЫ КҮН!

🌸🌿🌸🌿🌸🌿🌸🌿🌸🌿☘🍀☘

Ассалаўма әлейкум қайырлы күн әзийзлер!
Топарымыз ағзалары!
Басланып атырған жаңа күн, мүбәрек болсын!

Шаңарақларыңызға аманшылық, аўызбиршилик, бахыт, мол ырысқы несийбе, берекет тилеймиз!
Қуяшлы журтымыздың тынышлығына көз тиймесин, елимиз тыныш, халқымыз абадан болсын, гүз мәўсиминдеги қырманымызға молшылық, дәстурқанымызға берекет тилеймиз!

Ҳәрбир таң қуўаныш, шадлық, хош хабарлар алып келсин!


КҮНИҢИЗ КЕЎИЛЛИ ӨТСИН!

👉👉https://t.me/ibratli_sozler

https://t.me/ibratli_sozler

🌸🌿🌸🌿🌸🌿🌸🌿🌸🌿🌸🌿

8.7k 0 166 25 46

Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Қайырлы түн

✨Бүгин және бир жақсы күнимиз жуўмағына жетти...
✨Бүгин кимгедир жақсылық қылдыңыз яки кимниңдур дәртине дәрман болдыңыз.
✨Кимгедур жақсы мәсләҳәт бердиңиз яки кейпиятын жақсы сөз бенен көтердиңиз....
✨Ҳеш болмағанда кимгедур күлип қарадыңыз....
сондайма?
✨Барқулла ядыңызда болсын Сиз ең жоқары Бахытқа мүнәсип инсансыз....

Қайырлы түн әзизлерим!


https://t.me/ibratli_sozler

5.9k 0 43 11 47

ЖАҚСЫ ДЕМ АЛЫҢ

Ойланып аларсыз өмир тәшўишин,
Сабыр етерсизаў жеткенше кушиң,
Шийрин болсын дейип бүгинлик түсиң,
Жақсы дем алыңыз әзиз Аналар!

Мойнына түсирип хожалык жүгин,
Тынбастан жуўырдыңыз перзент деп бүгин,
Айтар өзиңизге улың ҳәм қызың,
Жақсы дем алыңыз әзиз Әкелер.

Мийрими булақтай толыпта-тасқан,
Кеўлине тең келмес кеңликте аспан,
Ҳәмийше биз ушын жүреги бостан,
Жақсы дем алыңыз апа-сиңлилер.

Қорғайды арыңды намысы дейип,
Атыңыз бизлерге ҳәр кашан бийик,
Жүресиз туўыскан, баўырым дейип,
Жақсы дем алыңыз аға-инилер.

Билместен жақыннан өзиңди ҳәтте,
Урмайды ҳеш қашан гердейип пәске,
Усынар куўаныш атлы гүл дәсте,
Жақсы дем алыңыз әзиз инсанлар.

Жығылсаң турғызып өзиңди қоллап,
Алыслар кеткенде саған ат жоллап,
Ҳал аўҳалыңды ҳәр қашан сорап,
Жүрген досларымаў жақсы дем алың.

https://t.me/ibratli_sozler


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Қазақстанда Әжинияз бабаға арналған ас берилди. Сол кешеде Адайбек аға өзиниң туўған жерине деген сағынышын “Қарызымды қалай саған өтермин” деген өзиниң шығарған қосығы менен жеткизди!

https://t.me/ibratli_sozler

14.3k 1 336 16 90

СЕН ДЕГЕНДЕ...

Жулдызлардың ең жақтысын
Терип-терип алағойған.
Адамлардың ең жақсысы
Сол жақтыға барағойған.

Асқар таўдай адамлықты,
Ағын суўдай ҳадаллықты,
Уллылықты, еденликти
Көкирегиңе қуяғойған.

Сен туўарсаң ақылды да,
Сулыўды да, батырды да...
"Халық" деп сениң атыңды да
Ким қойса да дана қойған...

Сен қуўансаң, кеўлим тасып,
Ай-жулдызды аралайман.
Сәл ынжылсаң, мазам қашып,
Саў жанымды жаралайман.

Базда өзим данадайман,
Базда исим шаладайман.
Сени көрсем, өз атама
Еркелеген баладайман.

Кеўлиңди табыўды ойлап,
Бир сөзди бир сөзге байлап,
Қара түнде қәлем шайнап,
Ақ қағазды қаралайман.

Әрманым сол турсам-жатсам:
Сөз қусын ушардан атсам,
Саған аз кем сөз унатсам,
Басқа бахыт сорамайман.

Әжинияз, Бердақ өтти,
Аббаз, Садық жырлап өтти,
Дәрья болып ҳағлап өтти,
Сол дәрьяны жағалайман.

Косық-теңиз, болсам-балық,
Ис буйырса сиздей халық,
Аяғымды қолға алып,
Басым менен жумалайман.

              И. Юсупов
https://t.me/ibratli_sozler

5.3k 0 121 15 109
20 last posts shown.