❓Кимлер мәмлекет есабынан бийпул юридикалық жәрдем алыўы мүмкин...
⚡️Ҳәр бир пуқара профессионал юридикалық жәрдем алыўға ҳақылы. Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 18-сентябрьдеги "Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында"ғы Нызамына муўапық, пуқараларға мәмлекет есабынан бийпул юридикалық хызмет көрсетиў ушын адвокатлар тартылады.
🔘Пуқаралар мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыўы ушын:
▪️ тиккелей әдиллик уйымларына аўызеки мүрәжат етиўи;
▪️ жазба түрде әдиллик уйымларына мүрәжат етиўи;
▪️ e-advokat.uz сайты арқалы электрон мүрәжат етиўи мүмкин.
Мүрәжатта қайсы түрдеги жумыс бойынша юридикалық жәрдем сорап атырғаны ҳаққындағы мәлимлеме (жумыстың мазмуны) ҳәм шахстың паспортқа байланыслы мағлыўматлары (берилген сәнеси, номери, ПНФЛ) көрсетилиўи керек.
✅Төмендегилер мәмлекет есабынан бийпул юридикалық жәрдем алыўы мүмкин:
🔘 кем тәмийинленген шахслар, егер олар:
▪️ пуқаралық ислери бойинша даўагер ямаса жуўапкерлер;
▪️ ҳәкимшилик ислер бойинша арза бериўшилер;
▪️ҳәкимшилик қамақ түриндеги ҳәкимшилик жаза нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты ислеген шахслар;
▪️жинаят ислери бойинша гүманланыўшылар, айыпланыўшылар, судланыўшылар, сондай-ақ, судланғанлар болса;
▪️ руўхый жағдайы бузылған физикалық шахслар, оларға психиатрия жәрдем көрсетилип атырғанда;
▪️өз ҳуқықлары бузылған, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлылығы бузылыўы мүнәсибети менен судқа мүрәжат еткен пуқаралар;
▪️Жинаят-процессуал кодексине муўапық жынаят иси бойынша адвокат қатнасыўы шәрт болғанда, гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы.
📨 Адвокатқа сораў бериў
❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati