Қараөзекли Г. Турдымуратов "Дослық" ордени менен сыйлықланды.
Ыссыхана хожалықларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары тийкарында, Қараөзек районындағы «Мәденият» АПЖ да жасаўшы жас исбилермен ҳәм дийхан Турдымуратов Генжемурат үйи қапталындағы 8 сотых жерге 5 дана ыссыхана шөлкемлестирип, ҳәр жылы оның ишине қыяр, памидор ҳәм басқада нәллер егип, оннан алған өнимлерин ишки базарға сатып, халқымызға арзан баҳаларда хызмет көрсетип келмекте.
Оның алға қойған режеси Ыссыханада жетистирген помидор, қыяр өнимлерин 2025-жылдан баслап экспортқа шығарыў.
Генжемурат Турдымуратовтың усындай мийнетлери Президентимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, "Дослық" ордени менен сыйлықланды.
Аўылласымызды қолға киргизген табыслары менен район ҳәкимлиги атынан қутлықлап қаламыз!
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi