Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ЖҮЎЕРИ ГҮРТИК
Қарақалпағымның, о, миллий асы,
Өзиңди хош көрер үлкени - жасы,
Халық боп байрамлап бүгин расы,
Дәўраның келип тур жүўери гүртик.
Халық бул, уллы күш, уллы мәртебе,
Бабамлар жаратқан сени ерте де,
Тағамлар ишинде орның бир төбе,
Мийрасым бийбаҳа жүўери гүртик.
“Ата көрген жанлар жонар екен оқ",
Жеген адам жүрер мудам болып тоқ,
Ғайры халықтың ҳеш қайсысында жоқ,
Миллетим тамғасы жүўери гүртик.
Өзиңди өзгеге, бир татыў әрман,
Инсанға күш берип боласаң дәрман,
Адам- Атамыздан баслап тап берман,
Меншикли асымсаң жүўери гүртик.
Жем жеген арқайын далаға айдап,
Түйе таўықтың ең семизин сайлап,
Баўызлап, қазан да атырған қайнап,
Дым таңсық тағамсаң жүўери гүртик.
Пискеннен соң әйдик табаққа салып,
Жәмәәт жәм болып ортаға алып,
Ҳә жесең, жемеген әрманда қалып,
Дуўраманы туўрап жүўери гүртик.
Пай- пай! Сонда айдарыңнан жел есип,
Алса да, билмейсең... қулағың кесип,
Ишкен де сорпасын, денеңиз жипсип,
Рәҳәт бағышлайды жүўери гүртик.
Ақшолпан Аманияз
Қарақалпағымның, о, миллий асы,
Өзиңди хош көрер үлкени - жасы,
Халық боп байрамлап бүгин расы,
Дәўраның келип тур жүўери гүртик.
Халық бул, уллы күш, уллы мәртебе,
Бабамлар жаратқан сени ерте де,
Тағамлар ишинде орның бир төбе,
Мийрасым бийбаҳа жүўери гүртик.
“Ата көрген жанлар жонар екен оқ",
Жеген адам жүрер мудам болып тоқ,
Ғайры халықтың ҳеш қайсысында жоқ,
Миллетим тамғасы жүўери гүртик.
Өзиңди өзгеге, бир татыў әрман,
Инсанға күш берип боласаң дәрман,
Адам- Атамыздан баслап тап берман,
Меншикли асымсаң жүўери гүртик.
Жем жеген арқайын далаға айдап,
Түйе таўықтың ең семизин сайлап,
Баўызлап, қазан да атырған қайнап,
Дым таңсық тағамсаң жүўери гүртик.
Пискеннен соң әйдик табаққа салып,
Жәмәәт жәм болып ортаға алып,
Ҳә жесең, жемеген әрманда қалып,
Дуўраманы туўрап жүўери гүртик.
Пай- пай! Сонда айдарыңнан жел есип,
Алса да, билмейсең... қулағың кесип,
Ишкен де сорпасын, денеңиз жипсип,
Рәҳәт бағышлайды жүўери гүртик.
Ақшолпан Аманияз