"Кеўилим кеширмелери"


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: not specified


Хүрметли қатнасыўшылар!
***
Каналдағы қосықларға пикир, тилек, өтиниш хәм усынысларыңызды мына силтемедеги группа арқалы билдириўиңизге болады. https://t.me/Kewilim_keshirmelerleri
Акшолпан Аманияз

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
not specified
Statistics
Posts filter


КИМЛЕР БОЛА АЛАР ТУЎЫСҚАНЫҢДАЙ

Бирге өскен тай қулындай тебисип,
Сен-менге, келмеген хасла керисип,
Қуўанған табысқа жетсең ерисип,
Кимлер бола алар туўысқаныңдай.

Ата үйден: қустай ушып тараған,
Жан ашырың, мүтәжиңе жараған,
Сағынып жолыңа айдай қараған,
Кимлер бола алар туўысқаныңдай.

Мисли ажыралмас ет пенен тырнақ,
Мудам жүретуғын жырыңды жырлап,
Айтсаң: муқыятлап дәртиңди тыңлап,
Кимлер бола алар туўысқаныңдай.

"Аш болсаң" жегени бойына батпай,
Аўырсаң пәрмана, қабағын шытпай,
Хызметиңе таяр ертлеўли аттай,
Кимлер бола алар туўысқаныңдай.

Абыройға шерик тырысқанындай,
Арың ушын белин буўысқанындай,
Бир нанды тең бөлип жеген уяда,
Кимлер бола алар туўысқаныңдай.

Сениң ушын жанын жаббарға берген,
Алдын алған: саған, апаттың келген,
Туўылып бир анадан, ақ сүтин емген,
Кимлер бола алар туўысқаныңдай.

Биреўи атқосшың, бири жас үлкен,
Аўырыңды жеңил етеди билсең,
Қаналасым деп, ой-баўырын үзген,
Кимлер бола алар туўысқаныңдай.

Мехирге лиммә-лим кеўил ханасы,
Дүнья, мүлкиңе жоқ сирә таласы,
Саналған көзиңниң ақ хәм қарасы,
Кимлер бола алар туўысқаныңдай.

Сағынып көрискен қушақ жайысып,
Басыңа ис түссе турған қайысып,
Кетпең олар менен жүзлер шайысып,
Кимлер бола алар туўысқаныңдай.

Акшолпан Аманияз


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
"Туўысқанындай"

Сөзи: ✍️Ақшолпан Аманияз
Намасы ҳәм атқарған:🎼🎤 Салаўат Камалов


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
БАҒМАННЫҢ ҚӘДИРИНЕ ЖЕТПЕГЕН ГҮЛ

Ғумшадан ашылып шырайға енип,
Шәмензарға берип өзгеше көрик,
Көздиң жаўын алып қулпырып дөнип,
Күн санап камалға келди қызыл гүл.

Тәңирим қойған соң сулыў жаратып,
Әтирапқа жупар ийис таратып,
Бүлбиллерди бийҳуш етти, өзине,
Өткен- кеткенлердиң бәрин қаратып.

Гүлге меҳри түсип бағдың бағманы,
Қашшан еди ғамхорлыққа алғаны,
Ҳәр күн хабар алып, берип күтимин,
Кербаз гүлдиң ышқысын да жанғаны.

Ҳәр келгенде сылап қолаң шашынан,
Сәўбетлесип шықпас еди қасынан,
Гүл болды бағманның көрген- баққаны,
Жумысы турса да асып басынан.

Гүл - ҳүрметтен менменликке берилип,
Бағман көзине... бәледей көринип,
Келме артық, керек емес тәрбияң,
Өз күнимди көремен деп керилип.

Бағманға бул сөз тап жасын урғандай,
Сезилди, қара зил басып турғандай,
Өзиники болып отырған жери,
Кеўли қалып, кетти зорға сор маңлай.

Такаппырлық тарап өне бойларға,
Турғанда ертеңи шүмип ойларға,
Өтә кетти, жемтик болып қойларға,
Бағманның қәдирине жетпеген гүл.

Ақшолпан Аманияз 30.01.2025 жыл


Forward from: Dilya
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
📚Сынаулы дүнья бул...
📝Сөзи:Ақшолпан Аманияз
🎤Оқыған: Дилбар Абдреймова


БИЗ ӨМИРГЕ КЕТИЎ УШЫН КЕЛЕМИЗ

Әрманлаймыз, арзыў-хәўес етемиз,
Дүнья жыйнап оны көз-көз етемиз,
Негизинде хеш ким тулға болмаған,
Биз өмирге кетиў ушын келемиз.

Қам сүт емген, бендемиз бар қәтемиз,
Менменсинип гейде хәси кетемиз,
Бар тапқаның қалып кетер артыңда,
Биз өмирге кетиў ушын келемиз.

Хәлсизлерге жудырықты түйемиз,
Хәмелдарға неге басты ийемиз,
Ханбысаң, я қарамысаң қалмайсаң,
Биз өмирге кетиў ушын келемиз.

Билип-билмей кеўиллерге тийемиз,
Бәрин көрип турыпты ғой ийемиз,
Жаўласаңда он сегиз мың әлемди,
Биз өмирге кетиў ушын келемиз.

Марапаттты жандай жақсы сүйемиз,
Ашыўланып сәл нәрсеге күйемиз,
Бендемиз ғой түсинбеймиз хеш соны,
Биз өмирге кетиў ушын келемиз.

Аўыз- бирлик сақлап жүриң адамлар,
Бес күним, хош күним дейди наданлар,
Жыласақта, сықласақта бәри бир,
Биз өмирге кетиў ушын келемиз.

Ҳүкимдар болсаң да жаўлап дүньяны,
Тәрк етерсең бир күни алтын уяны,
Ўақтынша дур жаратқанның инәмы,
Биз өмирге кетиў ушын келемиз.

Саўап қылсақ, гүнәмызды артамыз,
Мәйли пулға толып турсын қалтамыз,
Бир күн келип көш- көренди тартамыз,
Биз өмирге кетиў ушын келемиз.

Ўақты келип пайманамыз толады,
Жаратқаным- аманатын алады,
Өлмей мәңги кимлер дейсең қалады,
Биз өмирге кетиў ушын келемиз.

Не қалдырдың излериңде өлместей,
Жулдызыңыз ақса дағы сөнбестей,
Хау! ким едик, нызамларға көнбестей,
Биз өмирге кетиў ушын келемиз.

Акшолпан Аманияз

455 0 22 2 24



ҚОЛЫМНАН КЕЛМЕДИ АЙЛАНЫЎ ТАСҚА

Сүйип едим, сени шын сүйип едим,
Әттеген- ай, ышқыңда күйип едим,
Бир өмирге ардақлап өтемен, деп,
Сен ўәдени басымнан үйип едиң.

Сол лебизиң самалға ушып кетти,
Таўдай шөгип руўҳым түсип кетти,
Сенсиз жасай алмайман деген ярым,
Меннен өзге жананды қушып кеттиң.

Кийлигип кимдур бизиң арамызға,
Салқынлық салды кеўил ханамызға,
Өзим жаққан отымда күйе бердим,
Жүректиң мәлҳам таппай жарасына .

Сениң менен кетсемдағы хошласып,
Үмит жиби турған яңлы ушласып,
Жүрегим арқаға тартып кетеди,
Нәзеримиз қалған ўақта дусласып.

Түсирсең де сәўги саўдасын басқа,
Көзимниң шанағын толтырып жасқа,
Сен қылғанға, мен қылдым деп санасып,
Қолымнан келмеди айланыў тасқа.

Ақшолпан Аманияз 27.01.2025 жыл

P.S: Қарақалпақ Айтысы топары темасына


Forward from: Amaniyazov Nurlan
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Assalawma aliykum perishte ajapam


ЖАНЫМ СЕКИРЕДИ, САЛҚЫН СӨЗИҢЕ

Ынтық болғанлығым сонша өзиңе,
Албырайман түссе, көзим- көзиңе,
Cол мәўритте “бийдай сөзиң” болмаса,
Жаным секиреди, салқын сөзиңе.

Көрип мениң мына ғәрип ҳалымды,
Баспалатып… ала берме жанымды,
Магар айтар болсам саған ҳағымды,
Жаным қалтырайды, салқын сөзиңе.

Айым киятқанда оңынан туўып,
Сүйиклим кетпейме арамыз суўып?
Жаман ойды жибер басыңнан қуўып,
Жаным түршигеди, салқын сөзиңе.

Бир өмирге сорасам мен қолыңды,
Меннен бурыў салып дәрҳал жолыңды,
Терис кийип алсаң ала тоныңды,
Жаным тиксинеди, салқын сөзиңе.

Меннен безип дым алысқа кетпесең,
Жерге урып, жер менен тең етпе сен,
Жақсы сөзди тилге тийек етпесең,
Жаным жабырқайды, салқын сөзиңе.

Ақшолпан Аманияз 23.01.2025 жыл

P.S: Қарақалпақ Айтысы топары темасына


Forward from: Нызамаддин ( Имя необязательно
Video is unavailable for watching
Show in Telegram


Forward from: Нызамаддин ( Имя необязательно
Video is unavailable for watching
Show in Telegram


АЙДОС ЕРЕЖЕПОВ

ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ ТОПАРЫ ГИМНИhttps://t.me/Kewilim_keshirmeleri




ӘПСАНАҒА АЙЛАНА БЕР АЙТЫСЫМ

Әдебияттың умыт болған жанрын,
Жанкүйерлер - суўсынлатып тамырын,
Жылдан- жылға пискек қылған қамырын,
Қутлы болсын “жети жас”ың айтысым.

Айтысқа дым шайда жанның биримен,
Дей алмайман: сөз зергери - пиримен,
Негедур сол, ишкен асым батпайды,
Есигиңнен енбесем ҳәр күни мен.

Қыз- жигитлер ҳәзиллери жарасып,
Отырмастан ўақыт пенен санасып,
Ертели- кеш, ҳәтте түнниң жарпында,
Бул алаң да қатар терер таласып.

Ҳәўескерлер тай- тай басқан қәдемин,
Сенде шарлап алып бираз қәлемин,
“Жүзден жүйрик, мыңнан шығып тулпары”,
Жаўламақта - поэзия әлемин.

"Қарақалпақ айтысы"- деп жасасын,
Ықласбентлер берген ағла баҳасын,
Еле де, жақсылап айтыс сапасын,
Жүреклерге жайлана бер айтысым.

Тартып жети жыллық айтыс кәрўаның,
Әйне, келип турған яңлы дәўраның,
Тикленип қайтадан, мениң әрманым,
Әпсанаға айлана бер айтысым.

Тармақлар да тусаўлары кесилип,
Қыз- жигитлер тал жипектей есилип,
Айтыс қурсын кең сахнада көсилип,
Мәңги жаса " Қарақалпақ айтысы".

Ақшолпан Аманияз 23.01.2025 жыл


Forward from: Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
«Анам айтқан ҳаййиўлер» ҳәм «Аналар қосық айтқанда» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди

Илаж көркем-өнер тараўы атқарыўшыларының ҳǝм «Аналар ансамбли» жәмәәтиниң йошлы концерт бағдарламалары, сахналық көринислер менен кеўилли даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.me/Taxtakopir_press



16 last posts shown.