ТАҢҒЫ ОЙЛАР
Жерге жақынласты аспанның өзи,
Таўлар ийилиўи мүмкин еле де.
Жамғырлар сел болды, не болыр изи,
Көлге қуйылыўы мүмкин еле де,
Шөллер жуўылыўы мүмкин еле де.
Пәнжеси тиймеген адамийзаттың,
Туўылған жер десе, зер етип саттың.
Сиз ҳәм биз жасаған мына топырақтың,
Аман қалыўы да мүшкил еле де,
Тамам болыўы да мүмкин еле де.
Сәнемлер алдады сазлары менен,
Шәменниң зарлады ғазлары терең.
Тырналар баратыр ўаз-ўазлар гилең,
Қус тилин түсиниў мүмкин еле де,
Қыз тили тилсими мүшкил еле де.
Биз айтқан намалы қосықлар жалған,
Жалған намаларды өзимиз шалған.
Соңында ҳешбири уйқасбай қалған,
Енди үйлесиўи мүмкин еле де,
Елди бийлесиўи мүмкин еле де.
Әй, мениң ең абзал жора-жолдасым,
Шаўып баратырсыз турмыс жорғасын.
Бундайда ким-кимди демеп қолласын,
Алланың қоллаўы мүмкин еле де,
Бендесин қорғаўы мүмкин еле де.
Сәўлеси сөнген соң туўылған айдың,
Қуяш жақтыртады қуўысын жайдың.
Ишин нурландырған кеўил сарайдың.
Сәўлеси сөниўи мүмкин еле де,
Бәлким, сөнбеўи де мүмкин еле де.
Базарбай Жолдасбаев
28-қаўыс
Жерге жақынласты аспанның өзи,
Таўлар ийилиўи мүмкин еле де.
Жамғырлар сел болды, не болыр изи,
Көлге қуйылыўы мүмкин еле де,
Шөллер жуўылыўы мүмкин еле де.
Пәнжеси тиймеген адамийзаттың,
Туўылған жер десе, зер етип саттың.
Сиз ҳәм биз жасаған мына топырақтың,
Аман қалыўы да мүшкил еле де,
Тамам болыўы да мүмкин еле де.
Сәнемлер алдады сазлары менен,
Шәменниң зарлады ғазлары терең.
Тырналар баратыр ўаз-ўазлар гилең,
Қус тилин түсиниў мүмкин еле де,
Қыз тили тилсими мүшкил еле де.
Биз айтқан намалы қосықлар жалған,
Жалған намаларды өзимиз шалған.
Соңында ҳешбири уйқасбай қалған,
Енди үйлесиўи мүмкин еле де,
Елди бийлесиўи мүмкин еле де.
Әй, мениң ең абзал жора-жолдасым,
Шаўып баратырсыз турмыс жорғасын.
Бундайда ким-кимди демеп қолласын,
Алланың қоллаўы мүмкин еле де,
Бендесин қорғаўы мүмкин еле де.
Сәўлеси сөнген соң туўылған айдың,
Қуяш жақтыртады қуўысын жайдың.
Ишин нурландырған кеўил сарайдың.
Сәўлеси сөниўи мүмкин еле де,
Бәлким, сөнбеўи де мүмкин еле де.
Базарбай Жолдасбаев
28-қаўыс