ㅤ✿꯭❥꯭✨ 𝔽𝕖𝕣𝕦𝕫аㅤㅤㅤㅤ
🚮 Шығындынан қарызы барлар бирден электрден үзип қойылмайды. Негизи гәп неде?
Тармақларда “Таза Мәкан -биллинг” программалық комплекси иске түсирилиўи мүнәсибети менен 31-октябрьден 5-ноябрьге шекем шығынды ушын барлық түрдеги төлемлерди әмелге асырыў мүмкиншилиги болмаўы, нәтийжеде электр энергиясы да өширилиўи ҳаққында хабарлар тарқалған.
“Аймақлық электр тармақлары” АЖ хабар бериўинше, бул хабарлар ҳақыйқатқа туўры келмейди. Шығындынан қарызы бар екенлиги ушын электрден өшириў тәртиби жоқ.
Бирақ Президент пәрманына тийкар, сал басқаша тәртип енгизиледи. Яғный кимниңдур шығындынан қарызы болса, электр ушын төлем әмелге асыра алмайды.
Бирақ бул шығындынан қарызы барлығы ушын туўрыдан-туўры "свети" өшириледи, дегени емес. Мысалы, сизиң электр есап бетиңизде 500 мың сом пул алдыннан болса, ҳәм сиз шығындынан қарыздар болып қалдыңыз. Бирақ бул қарызды төлемей атырсыз. Сонда сиз электр есабыңызға пул таслай алмайсыз. Бирақ "светиңиз" өширилмейди, себеби есабыңызда 500 мың сом бар. Сол пул таўсылмағанша "светиңиз" өширилмейди.
Шығындынан қарызыңыз жабылыўы менен, электрға да пул таслаўыңыз мүмкин болады. Бар гәп сол.
❗️Бул тәртип 2024-жылдың 1-ноябрьинен пүткил республика бойлап шығындынан 3 айлық қарызы бар шахсларға, 2025-жыл 1-январьдан болса шығындынан 1 айлық қарыздарларға қолланылады.
👉 @Karakalpak24