Аўыл хожалығы тараўында көргизбели семинар
Бүгин 2025-жыл 21-январь күни Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында аўыл хожалық тараўына байланыслы көргизбели семинар болып өтти. Оған, Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары – Аўыл хожалығы министри Ш.Тешаев, район ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм тараў жуўапкерлери қатнасты. Сөзге шыққанлар Президентимиздиӊ 30.12.2024-жылғы "Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имкәниятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы ис-иләжлар ҳаққында"ғы ПҚ-465-санлы қарары талапларыныӊ орынланыўы бойынша тоқталып өтти. Атап айтқанда, атыз шетлерине, каналлар, коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларға экспортқа қолайлы егинлерди егиў ўазыйпа етип белгиленип алынды. Сондай-ақ, қарар талаплары тийкарында дала шетлерине ҳәр жылы 1-апрельге шекем егинлер егилмеген ҳәм жыл даўамында өним жетистирилмеген жағдайлар анықланса бәрше егислик майданына үш есе салық есапланатуғынлығы, дала шетлерин екилемши ижараға алған ижарашыларға Агроинспекция тәрепинен БЕМның 10 есесине шекем жәрийма қолланыўы ҳәм аўыл хожалығы тараўына ажратылған жеңиллетилген кредитлер тоқтатылғанлығы қатаң түрде түсинтирилди.