Мойнақта депутатлық топары мәжлисинде қандай маселелер додаланды?
“Депутат – бул халық
хызметшиси, бәршеге өрнек
болатуғын, сиясий билими
ҳәм санасы жоқары, өз
Ўатанын шын кеўилден
сүйетуғын инсан болып
есапланады”.
Ш.М.Мирзиёев.
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының мәжлиси өткерилди.
Онда Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы басшысы Х.Ешимбетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова, Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жуўаплы хызметкерлери қатнасты.
Мәжилисте ең дәслеп Өзбекстан Халық демократиялық партиясы ның Сайлаўалды бағдарламасын 2024-2029-жылларда әмелге асырыўға тийисли Ҳәрекет бағдарламасының 2025-жыл ушын белгиленген ўазыйпалардан келип шығып Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги партия топарының 2025-жылға мөлшерленген Ис-режесин тастыйықлаў мәселеси көрип шығылды.
Мәжлис күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы басшысы Х.Ешимбетов сөзге шығып, жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясының мәжлисинде додаланған 47-“Санаат” сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Рустам Сапарбаев тәрепинен ислеп шығылған “Барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша жойбар” ҳаққында кеңнен түсиник берип өтти.
Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова, Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы К.Насыровалар сөзге шығып усынылып атырған бул жойбар жүдә әҳмийетли екенлиги, әсиресе, халықта узақ мүддетли инвестициялық ой-пикириниң басқышпа-басқыш қалиплесиў, бул болса мәмлекеттен жәрдем қаржаларын талап етиў ҳәм социаллық қорғаўға мүтәжликти кемейтетуғынлығын, соың менен бирге, бала 18 жасқа тоғанда финанслық ресурсқа ийе болыўы, үй-жай мәселелесиниң шешими табылыўына яки өз исбилерменлигин жолға қойыў имканиятына ийе болыўын атап өтти.
Бул жойбар депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Буннан соң күн тәртибинде және бир әҳмийетли болған мәселе көрип шығылды. Атап айтқанда, басланғыш партия шөлкемлери депутатлық бирлеспелериниң тийкарғы таяныш буўыны сыпатында сессия қарарларын, нызамшылықтағы жаңалықларды ең алды менен басланғыш партия шөлкеминде додалаў ҳәм усыныслар алыў тәжирийбеге айландырыў мақсетинде партия электораты мәплерине хызмет ететуғын мәселелер “басланғыш партия шөлкеми-депутатлық топар-сессия” системасында додаланыўы жолға қойыў бойынша қабыл етилген партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитетиниң қарарының мазмун-мәниси ҳаққында түсиник берип өтти.
Мәжлисте партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетип атырғанлығы ушын Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық кеңеси заманагөй компьютер менен сыйлықланды.
Мәжилис күн тәртибинде көрип шығылған барлық мәселелер бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.
Каналға ағза болыў: https://t.me/xdp_qr