Дүньяның ең перспективалы туристлик мәнзиллери дизиминде Өзбекстан биринши орынды ийеледи
Wanderlust саяхат журналы ҳәр жылғы Reader Travel Awards сыйлығы ушын дүньядағы ең сүйикли мәңзиллерге даўыс бериў бойынша сораўнама өткереди. Бул жылы 168 мың саяхатшы 22 түрли тайыпада даўыс берди. Журнал аудиториясы өзлери унататуғын туризм жөнелислери ушын даўыс берген ҳәм нәтийжеде Өзбекстан ең перспективалы раўажланып атырған туризм жөнелиси деп тән алынды.
Журналда “Өзбекстан өзиниң тарийхый байлықларынан тысқары, Қызылқум сахрасының шексиз кеңликлеринен Арал теңизиниң жағаларына шекемги болған әжайип тәбийи көринислерине ийе екенлиги, бирақ бул гозаллық көбинесе итибардан шетте қалып қалыўы” атап өтилген.
Мағлыўмат орнында, Wanderlast саяхат журналы усы жылдың июнь айында Қарақалпақстанда жайласқан Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты ҳаққында мақала жәрияланған.
👉 t.me/turizm_kr
Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube