Қазақстан университетиниң студент-жаслары ушын Қарақалпақстан бойлап саяхат шөлкемлестирилди
Өзбекстан Республикасының Ақтау қаласындағы Бас консулханасының басламасы менен 4-8 декабрь күнлери Манғыстау облысындағы Шахимардан Есенов атындағы Каспий технология ҳәм инженерлик универстетиниң бир топар студент-жаслары Қарақалпақстанда мийманда болды.
Университеттиң туризм жөнелисинде тәлим алып атырған бул студент-жасларға елимиздиң бүгинги күндеги туризм имкәниятларын кеңнен таныстырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының әмелий жәрдеми менен бир қатар дыққатқа ылайықлы орынларға саяхат шөлкемлестирилди.
Атап айтқанда, саяхат даўамында мийманлар Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Хожели районларында жайласқан Шылпық, Аяз-қала, Топырақ қала, Мыздахқан әйемги естеликлери, пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Ерқосай мақбарасы ҳәмде Игорь Савицкий музейи менен жақыннан танысты.
👉 t.me/turizm_kr
Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube