Нөкис районы ҳәкимлиги мәжилислер залында сектор басшылары қатнасында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январь күнги «2025-жылда республикалық мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-1-санлы Қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәҳәлле жетилиги қатнасыўында ушырасыў болып өтти.
Каналға ағза болыў: https://t.me/tinishliq_saqshisi
Илажда район ҳәкими З.Зайтов сөзге шығып, қарардың мазмун-мәниси мәҳәлле жетилигине терең түсиндирилди ҳәм бул бойынша тийисли жол карталарын дүзип алыў, олар арқалы профилактикалық илажларды көбейтип, мәҳәлледе жынаятшылықты болдырмаўға ерисиў ҳаққында бир қатар мағлыўматлар берилди.
Каналға ағза болыў: https://t.me/tinishliq_saqshisi