Олий Мажлис Сенатының Баслығы Беруний районына барып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумыслар менен таныстыОлий Мажлис Сенатының Баслығы Т.Нарбаева Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен бирге Беруний районындағы «Бирлик» мәҳәллесинде жасаўшы баба дийқан, үлгили қыйтақ жер ийеси Юлдош Наримбетовтың шаңарағында мийманда болды.
Әзелден тәжирийбели дийқанлар ели болған Беруний районы мийнеткешлери еле қыс жуўмақланып үлгерместен қыйтақ жерлеринде быйылғы мәўсим ушын таярлықларды баслап жиберген.
Юлдош Наримбетов үй алды қыйтақ жеринен жылына үш мәрте өним алыўды жолға қойған усындай тынып-тыншымайтынлардан. Ол 31 сотих жериндеги ыссыханаларында овощ, палыз егинлериниң нәллерин жетистирип, республикамыздың барлық районларына сондай-ақ, Бухара, Хорезм ўәлаятларына да жеткерип бериўди жолға қойған. Күтилип атырған нәтийжелер де мийнетке жараса - быйыл қыйтақ жерден 500 млн. сум дәрамат алыў режелестирилген. Мәўсимлик 10 жумысшының да бәнтлиги тәмийинленген.
Сенат Баслығы дийқан менен жақыннан пикирлесип, оның напақада болыўына қарамастан еле мийнетсүйгишлик пенен қыйтақ жеринде жумысларды нәтийжели шөлкемлестиргени көпшиликке үлги болыўы кереклигин атап өтти.
Буннан соң Сенат Баслығы «Тоқымашы» мәҳәллесиндеги «RAYHON APPAREL» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жумыслары менен жақыннан танысты.
Улыўма жойбар қуўатлылығы 28,5 млрд. сум болған кәрханада жылына 5 млн. дана 15 түрдеги таяр трикотаж кийим-кеншеклер ислеп шығарылады. Өнимлер тийкарынан экспортқа бағдарланып, ҳәзирги ўақытта 500 жаңа жумыс орынлары жаратылған.
Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева кәрхана жумысшылары, сондай-ақ, бул жерде тәжирийбе арттырып атырған қызлар менен жақыннан пикирлести.
—
Олий Мажлис Сенати Раиси Беруний туманига ташриф буюриб, аҳоли бандлигини таъминлаш бўйича ишлар билан танишдиОлий Мажлис Сенати Раиси Т.Нарбаева Жўқорғи Кенгес Раиси Аманбай Орынбаев ва Вазирлар Кенгаши Раиси Ф.Эрманов ҳамроҳлигида Беруний туманидаги «Бирлик» маҳалласида яшовчи бобо деҳқон, намунали томорқа эгаси Юлдош Наримбетов хонадонида меҳмон бўлди.
Азалдан тажрибали деҳқонлар юрти бўлган Беруний тумани меҳнаткашлари ҳали қиш якунланиб улгурмасдан томорқаларида жорий йилги мавсум учун тайёргарликларни бошлаб юборган эди.
Юлдош Наримбетов ҳам уй олди томорқасидан йилига уч марта ҳосил олишни йўлга қўйган шундай тиниб-тинчимаслардан. У 31 сотих ердаги иссиқхоналарида сабзавот, полиз экинлари кўчатларини етиштириб, республикамизнинг барча туманларига шунингдек, Бухоро, Хоразм вилоятларига ҳам етказиб беришни йўлга қўйган. Кутилаётган натижалар ҳам меҳнатга яраша - бу йил томорқадан 500 млн. сўм даромад олиш режалаштирилган. Мавсумий 10 нафар ишчининг ҳам бандлиги таъминланган.
Сенат Раиси деҳқон билан яқиндан мулоқот қилиб, унинг нафақада бўлишига қарамасдан ҳамон меҳнатсеварлик билан томорқасида ишларни самарали ташкил этгани кўпчиликка ўрнак бўлиши кераклигини таъкидлади.
Бундан сўнг Сенат Раиси «Тўқимачи» маҳалласидаги «RAYHON APPAREL» масъулияти чекланган жамияти фаолияти билан яқиндан танишди.
Умумий лойиҳа қуввати 28,5 млрд. сўм бўлган корхонада йилига 5 млн дона 15 турдаги тайёр трикотаж кийим-кечаклар ишлаб чиқарилади. Маҳсулотлар асосан экспортга йўналтирилиб, айни пайтда 500 та янги иш ўринлари яратилган.
Олий Мажлис Сенати Раиси Т.Нарбаева корхона ишчилари, шунингдек, бу ерда малака ошираётган қизлар билан яқиндан мулоқот қилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube