Маск робот хирурглар қашан иске түсетуғынын мәлим еттиАмерикалы исбилермен, “Neuralink” нейротехнология компаниясының ийеси Илон Масктиң пикиринше, жақын бес жыл ишинде шыпакер хирурглардың орнын робот-хирурглар ийелеўи мүмкин.– Роботлар шебер хирургтан бир неше жыл, ең зорларынан болса шама менен бес жылда озып кетеди, – деп түсиник берген миллиардер социаллық тармақ арқалы. – Сондай-ақ,
“Neuralink
“ мий тоқымасына электрод киргизе алады. Бул ўазыйпаны орынлаў ушын инсанда я тезлик, я анықлық жетпейди.
Январь айының басында Маск биринши мәрте адамға
“Neuralink
” мий импланты қойылғаны ҳәм оның жағдайы жақсы екенин мәлим еткен еди. Қурылманың жумысы нәтийжесинде алынған дәслепки мағлыўмат перспективадан дәрек берген.
Кейин ала исбилермен “Телепатия” атлы жаңа қурылма ийеси пикир күшинен пайдаланған ҳалда смартфон ямаса компьютерди басқара алатуғынын атап өтти. Бундай механизм биринши гезекте аяқ-қолларын ҳәрекетлендириў қәбилетинен айырылған адамлар ушын қолайлы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар