Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы пайтахтымыздағы «Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф» мешитинде тараўиҳ намазын оқыды
Мүбәрек Рамазан айының ҳәмме күнлери де, түнлери де берекетке толы. Оның ҳәр бир күни үлкен өзгешелик ҳәм жоқары пазийлетлерге ийе. Сол себепли усы күнлерди ғәниймет билип, мешитлерде диний-мǝрипий мазмунда сǝўбетлесиў ѳткериў ҳǝм тараўиҳ намазын оқыў даўам етпекте.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов реже тийкарында нәўбетпе-нәўбет тараўиҳ намазларына мешитлерге бармақта. Ол жерде жәмәәт пенен ушырасып, сәўбетлесиўлер ѳткермекте, мүрәжәәтлерин үйренбекте.
Бүгин, қазыят қазысы пайтахтымыздағы «Саманбай» елатындағы «Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф» мешитинде жәмәәтке «Социаллық иллетлер, дәбдебебазлық ҳәм ысырапкершиликтиң алдын алыў», «Ата-ананың разылығын табыў перзенттиң миннети», «Тынышлық - уллы инам», «Ўатан – муқәддес дәргәҳ» мазмунында баянат жасады.
… Жәмәәт пенен тараўиҳ намазын оқыды. Тараўиҳ намазынан соң елимиздиң тынышлығын сорап дуўалар қылынды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!щ
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz