#Ибратлы_гүрриңлер
🤣 Данышпанның үгит-нәсияты
😹 Бир қалада данышпан жасапты. Ҳәр жерден оның алдына мәсләҳәт ушын адамлар келеди екен. Ол адамларға баҳалы мәсләҳәтлер береди екен. Оның даңқы узақ үлкелерге жетип барды.
Басқа бир қалада өзиниң данышпанлығы менен танылған бир адамның қулағына да бул хабар жетип барды. Ол адамлардың арасында өзиниң абырайын жоғалтыўдан қорқып, сол данышпаннан өзиниң жоқары екенлигин дәлиллеўди ойлапты ҳәм реже дүзипти. "Бир гүбелекти услап, еки алақанымның арасына алып, ҳәммениң алдында данышпанның алдына бараман. "Қолымда не бар?" – деп сорайман. Әлбетте, ол гүбелек деп жуўап береди. Сонда мен: "Ол тири ме, өли ме?" – деп сорайман. Егер ол тири десе, мен алақанымды билдирмей қысып ашқанымда ҳәмме гүбелектиң тири емеслигин көреди. Егер ол гүбелекти өлген десе, мен қолымды ашып, оны ушырып жиберемен, ҳәмме гүбелектиң тири екенин көреди, сонда ҳәмме оның қәте қылғанын сезеди," деп ойлады.
😩 Ол айтқанын қылып, гүбелекти алып данышпанның алдына барды ҳәм "Қолымдағы не?" деп сорады. "Гүбелек," деп жуўап берди данышпан. "Ол тири ме яки өлген бе?" деп сорады келген данышпан. "Бул енди саған байланыслы," деп жуўап берди данышпан оның көзине қарап.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

Билип қойың, өз күшиңди артықша баҳалаў сени де сондай уялдырып қойыўы мүмкин. Данышпанлар: "Өзиңди ер билсең, басқаны шер бил," деп бийкарға айтпаған.(muslim.uz)