Бүгин @hoja_uz каналы админи болған Г.Канязоваға шын жүректен өз миннетдаршылығымызды жоллаймыз.
Театр залында Нөкис қаласы ҳәкимлиги, елимиз бенсендилери, нураныйлары, ең баслысы, оқыўшы жаслар менен бир сапта отырғанын көрип, бизиң ийгиликли мақсетимизди қоллап-қуўатлағанын сезиндик.
ҒХҚ тараўы ўәкиллерине айрықша миннетдаршылығымызды билдиремиз. Себеби,
халқымызға мәмлекетлик сиясатты дурыс ҳәм ашық-айдын көрсетиўде Сизиң мийнетлериңиз айрықша.
Ҳүрметли Президентимиздиң жаслар сиясаты, руўхыйлық, жәмийетлик мәденияттың беккемлениўине қаратып атырған бир қанша ис-илажларды еле де халқымызға кеңнен түсиник бериўде биз, ҒХҚ ўәкиллери болған журналистлерге, блогерлерге сүйенемиз.
Усы орнында өз миннетдаршылығымызды қала ҳәкими А.Данияровтың сөзлери менен жуўмақламақшымыз,
"Ҳүрметли Президентимиздиң сиясаты артында барлық ийгиликли ислер "Инсан қәдири ушын" мәмлекетлик системаның раўажланып атырғаны халқымызға "Әлипбе" китабы сыяқлы түсиникли болмақта. Себеби, қарақалпақ журналистикасы, баспасөз, мәлимлеме тараўының раўажланыўы, излениўи арқалы сиясатты халық тили менен түсиникли етип жеткерип берилмекте.
Неге Әлипбе китабын мысал еттик. Себеби, онда А дегенде Ана, Б дегенде бала ҳәриплери жас балаға түсиникли болғанындай, Ана, Нан усылай жазылыўын сүўретлер арқалы тез уғып алғаны сыяқлы түсиниклерди халқымызға әпиўайы тилде, яғный, бүгинги сиясий ўақыяларды, Пәрман ҳәм қарарлардың әҳмийетин де халықшыл етип жеткериўде ҒХҚ журналистлериниң орны гиреўли екенлигин және бир мәрте уқтырып өтпекшимиз."