Азаматқа орын бериң, оның қойнында "алтын алмасы" бар
Тилекке қарсы, Азамат Реймов денсаўлығы бойынша I-топар майыбы. Оның бир аяғы жоқ болғаны менен он бармағы өнерли, етикши жигит.
Азғана тапқаны бала-шағасының несийбеси.
-Қыс алмасы әжайыпта. Қоржынға салынған 2 кг алманың хош ийиси жөнелисли маршрутканың ишин алып кетеди.
Сонда мен өзимнен мақтанаман. Қара май қолларым менен алтындай алмаларды алып киятырман. Мийнетимнен табылған хош ийис, пүткил денеме илхам бағышлайды. Жасаўыма және де мазмун бағышлайды.
Мен де телевизор көрип, бир бет арза менен жәҳәнниң жәрдемин алсам болар еди. Қапыларды қағып, мүрәжат жоллап жүриўге мениң ўақтым көп. Бирақ олай ислеўге намысым жол қоймайды.
Талпынып, өнер үйренип, өмир, турмыс деген асқар таўға бир аяқлап минип атырман. Шүкиршилигим көп мениң, шүкирмен.
Усы орында сизге бир раўаят айтып бермекшимен. Искендер Зулқарнайн пүткил дуньяны ийелеп, Қытайға жетип барады. Қытай патшасы қабыллаўында Искендер Зулқарнайнге аўқат орнына бир қанша алтын, алмазлар алып келиўди буйырады. Искендер Зулқарнайн ақылы ҳайран болып сорайды, "Адам алтынды жейме?"
Ол жуўап берипти. "Егер қанаат қылғаныңда мәмлекетиңде де аўқат табылмас па еди? Патшалық ғәзийнеңди толтырыўыңда, нәпсиңе ийелик етпеўиң ақыбетинде неше адамлар биймезгил көз жумды".
Усы орында айтпақшыман, гейде жас оқыўшылар етиклерин тиктиририп, жаматыўға келеди.
Балалар менен сөйлессең басқаша да...
Ата-анаң әкелсе болмай ма? Ертең дурыс жаматпапсаң,- деп урысып жүрмей ме?-деймен.
-Қайда, шет елде дейди, айырым балалар.
Жоқарыдағы раўаятта айтқанымдай артықмаш нәпсиниң изинен қуўып, балаларын таслап кететуғын ата-аналарды түсинбеймен дә!
Аўылда қыбырласаң, аўзың қыймылдайды.
Мәселен, мен бир аяқ пенен де шаңарақ тербетип отырман. Тапқанымның берекетин берсин. Сатыўшыдан алмаларды сатып алып атырғанымда алтын алма алғандай, өз-өзимнен мақтаныш сезими оянады.
Сондай-ақ, және бир нәрсе, қолымда заманагөй телефон.
Социаллық тармақларды, әсиресе, инстаграмды гүзете отырып, бүгинги жасап атырған заманыма шүкиршилик сезими оянады.
Суп-сулыў кийинген жаслар, ҳәзирги үрдистеги қосықларға ойын ойнағанын көрип, кеўилим көтерилип кетеди. Үйлери де пәкизе гөззал. Дүкәнлардың рекламасын түсирип атырған блогерлер соныңдай шебер сәўлелендиреди, адам жанынан басқа ҳәмме нәрсени көриўимиз мүмкин. Толып тур, толып. Мийнет етсең, бәршесин алыўға ҳәм табыўға болады. Аўылда ақша табыў аңсат. Тек ҳәрекет етсек болды,-дейди биз бенен узақ сәўбетлескен Азамат.
Сиз етикши Азаматтың пикирлерине қосыласыз ба?