#ҳикмет
"ҚЫС - МӨМИННИҢ БӘҲӘРИ!"
❄ Қыс – саўап излеген адамға мол мүмкиншиликлердиң есиги ашылатуғын әжайып пасыл!
❄ Қыс - күнниң қысқарып, түнниң узаратуғын мәўсим.
Бир сөз бенен айтқанда, қыс – мусылманның бәҳәри! Бул туўралы улама Ҳасан әл-Басрий:
«Қыс – мусылман ушын әжайып мезгил. Себеби, оның түни – түнги намаз ушын қолайлы ҳәм узын, ал күндизи ораза тутыўы ушын жеңил ҳәм қысқа», - деген.
Улама Тиббий: "Қыстың күни ораза тутыў – олжа. Себеби, ол қарны аш болмастан ҳәм көп қыйналмастан саўапқа көмип таслайды ", - дейди. Демек, ҳәзирги ўақытта түн айтарлықтай узақ болғанлықтан, түнги қосымша намазларға қыйналмай-ақ турыўға болады. Ал Рамазан айынан қалған оразаңыздың қарызлары болса ямаса дүйшемби, пийшемби күнлериниң оразасын тутып, саўап табаман десеңиз, қыс – сол бослықлардың орнын толтырып алыўға таптырмайтуғын имкантият!
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube