#мағлыўмат #ораза
ОРАЗА ҚАНДАЙ ИБАДАТ?
Ораза дәслеп Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Мадинаға ҳижрат қылғанынан кейин арадан бир ярым жыл өткеннен соң – яғный ҳижраттың он сегизинши айы, шаъбан айының оныншы күнинде, қубла Байтул Мақдистан Кааба тәрепке өзгертилгеннен кейинги айда парыз қылынған. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тоғыз жыл Рамазан оразасын тутқан. Олардан екеўин отыз күннен, қалған жетеўин жигирма тоғыз күннен тутқан.
Араб тилиндеги “саўм” (ораза) сөзликте “өзин тыйыў” деген мәнини билдиреди. Шариятта болса Рамазан айында таң атқаннан қуяш батқанша нийет пенен аўқат жеўден, ишимлик ишиўден, жинсий жақынлық қылыўдан тыйылыўға “ораза” делинеди. Ораза тутыў Ислам дининиң бес тийкарынан бири, Қуран ҳәм Сүннет пенен парыз болған.
Мөминниң меъражы китабынан.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube