#рамаза #сораў_жуўап
РАМАЗАН АЙЫНА ТАЯРЛЫҚ
– Ислам дининде парыз болған уллы ибадатлардың үшиншиси не?
– Рамазан айында ҳәр күни ораза тутыў.
– Ораза тутыў қандай болады?
– Таңнан қуяш батқанша аўызды жабыўға нийет етип, жеў, ишиў ҳәм жынысый байланыс қылыўдан сақланылады.
– Оразаның парызы нешеў?
– Үшеў.
Бириншиси – нийет;
Екиншиси – жеў ҳәм ишиўден сақланыў;
Үшиншиси – жынысый қатнас қылмаў.
– Нийетсиз күнди жеместен, ишпестен ҳәм жынысый байланыс қылмастан кеш қылса, оразаға есап бола ма?
– Ораза есабына өтпейди.
– Оразаға қайсы ўақыттан нийет қылынады?
– Сәҳәрликтен соң таң атқанша қылынатуғын нийет абзал. Таң атқаннан кейин үлкен сәскегеше нийет қылса да дурыс. Оннан кейин нийет қылыў дурыс емес. Үлкен сәске – қыямнан еки саат яки еки саат шерек мәўрит алдын.
– Бир адам таңнан үлкен сәскегеше оразаға туўры келмес нәрсени қылмастан турса, үлкен сәскеден аз ғана илгери сол күнниң оразасын нийет қылса, сол ораза оразаға есап бола ма?
– Әлбетте, оразаға есап болады.
– Бир адам таңнан кейин де жесе оннан кейин сәскегеше сол күнниң оразасын нийет етсе, оразасы дурыс бола ма?
– Дурыс болмайды.
– Оразаға нийетти тил менен қылыў керек пе яки тек дил менен нийет қылса жетерли ме?
– Тил менен де нийет қылыў абзал, лекин тек дил менен нийет етсе де жетерли. Бирақ, абайлы болыў керек, тек тил менен нийет қылып дилдиң хабарсыз қалыўы нийет емес, себеби нийет дилдиң иси.
Сондай-ақ, көпшилик қарапайым адамлар тил менен болған нийетти нийет деп итиқад қылады. Мәселен, намазда «нийет қылдым»ды тил менен айтыўды нийет, дейди. Өйткени, нийет парыз болған ибадатлардың ҳәммесине тек тил менен нийет етиў менен ибадат дурыс болмайды. Кәмил нийет пәлен әмел ҳәм пәлен ибадатты қыламан, деп дилден өткизиў.
– Ораза тутыўда тил менен арабша нийет қылмақшы болса, не деп нийет етиледи? «Нәўәйту ан асума соўма шаҳри рамазана мин әл-фажри илал мағриби, холисан лиллаҳи таала. Aллаҳу әкбар», деп нийет етиледи.
Мәниси: «Aллаҳ таала ушын ықлас пенен таңнан қуяш батқанша рамазан айының оразасын тутыўды нийет еттим».
– Қуяш батқаннан соң, оразасы тамам болғанда не қылады?
– От тиймеген бир тағам яки суў менен аўызын ашады. Хурмаға уқсас шийрин тағамлар менен аўыз ашыў мустаҳаб. Аўыз ашылып атырғанда:
«Aллаҳумма лака сумту ўа бика аманту ўа илайка тәўаккәлту ўа ъала ризқика афтарту фағфирли я ғоффару ма қоддамту ўа ма аххарту», деп айтылады.
Мәниси: «Ҳәй бар Аллаҳ, усы оразамды тек Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм Сениң берген ырысқың менен ифтар қылдым. Ҳәй гүналарымды кешириўши Аллаҳ! Сен енди мениң әўелги гүналарымды ҳәм ақырғы гүналарымды кеширгил ҳәм жарылқа».
"Ибадаты исламия"дан үзинди.
Тарқатың: http://t.me/niyetuz