Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
“Хаял жәннетке кириу ушын дозақта жасауы шәрт емес”
Бүгин судта баласын анасына алып бериу бойынша бир ис көрилди. Хақыйқаттанда судта баланың анасы жәбирленгени, системалық рауиште азапланғаны, шыдамай хәммесин таслап кетиуге мажбүр болғаны анықланды.
Оған күйеуи менен жарасып семья болып кетиуге қайта-қайта усыныслар берилди хәм хаялдың мажбуриятлары, шыдамлылығы, хәттеки не қылса хаял жәннетке кириуи бойыншада хәдислерден тартып, аңызларға шекем айтып берилди.
Сонда баланың анасы жылап турып, “хаял жәннетке кириу ушын дозақта жасауы шәрт емес” деди. Суд залы тым-тырыс болды. Ис басқа күнге қалдырылды.
Мен бундай ислерде көбинше баланы анасында қалдырыу тәрептарыман. Себеби халқымызда “Әкеси бар жетим қор жетим, анасы бар жетим зор жетим” деген нақыл бар. Бул елеге шекем өз ахмийнетин жоғалтқан жоқ. Хеш ким бала тарбиясында ананың орнын басалмайды.
https://t.me/maman_advokat