күн_ҳәдиси
АЛЛАҲ ТААЛА МИЙРИМЛИ
🙄 Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳтыӊ жүз рейими бар. Олардан биреўин жин, инсанлар, ҳайўанлар ҳәм шыбын-ширкейлер арасына түсирген. Солай екен, олар сол (рейим) менен бир-бирине меҳир ҳәм рейим көрсетеди. Сол менен жыртқыш өз баласына меҳир көрсетеди. Аллаҳ тоқсан тоғыз рейимин кейинге қойған. Олар менен қыямет күни бенделерине рейим көрсетеди», — деди».
Еки шайх ҳәм Термизий рәўият қылған.
✈️ @MagzaniyshanUz