964- 1204 км «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» авто магистралының 240 км бөлегин қурыў ўақтында қаза болған жолшылар естелигине арналады.
Жолшының мийнети ҳәмийше хадал,
Алғысқа бөленсин, айдын жол қурып.
Мәнзилден мәнзилге аман сау апар,
Бийқәтер жолым бол, "Еки жуз қырық".
Кийиги секирип , жуўсан аңқыған,
Турдым кең далада бир қыял сурип.
Шайырды бәнт етип ақылын алған,
Сыйқырлы сулыу жер "Еки жуз қырық".
Қанша машақатлы гурес майданы.
Жазы мыс қайнаса, Қысы дым сууық.
Бугин бойсындырған шексиз даланы.
Жолшының жеңиси "Еки жуз қырық".
Шықсаң Ақшолақтан Кара тәрепке,
Ийниң қыймылдамас жол болған тынық.
Бул жолдың тарийхы нәмәлим көпке,
Естен шықпас демлер "Еки жүз қырық".
Жети жүзден аслам ири техника,
Ал исшилер саны үш мыңға жууық.
Еки миллион куб тан аслам материал,
Вагонда тасылды мың кәруан болып.
Мәрт пенен нәмәртти айырар саўаш,
Бул сөздиң мәнисин тусиндим уғып.
Уллы жоба ушын, Түрли көз қарас,
Талай тартыс болған "Еки жүз қырық".
Жигирма Фураның майы тоңлаған,
Декабрь ,Түн уақты ..Хауа дым сууық,
Бәрине бийминнет қол ушын созған,
Жәрдемге асыққан "Еки жүз қырық".
Бул жолға бағышлап пүткил өмирин.
Мәртлер мийнет етти бәрха тик турып.
Сапар шеккен сайын еслең хәр бириң...
Қурбансыз питпеди "Еки жүз қырық".
Ел арын қорғаған қахарман яңлы,
Бәри маман еди исине қанық.
Жолшыны жоғалттық бир нешше санлы,
Бунша қатал болған "Еки жүз қырық".
Жолшының мийнети хәмийше хадал,
Алғысқа бөленсин Айдын жол қурып.
Мәнзилден мәнзилге аман сау апар,
Дәулетли жолым бол, "Еки жүз қырық".
«Узавтожолбелги» МШ
Қарақалпақстан филиалы.
✍️Ж. Мәмбетшарипов.
2024 жыл.
Жолшының мийнети ҳәмийше хадал,
Алғысқа бөленсин, айдын жол қурып.
Мәнзилден мәнзилге аман сау апар,
Бийқәтер жолым бол, "Еки жуз қырық".
Кийиги секирип , жуўсан аңқыған,
Турдым кең далада бир қыял сурип.
Шайырды бәнт етип ақылын алған,
Сыйқырлы сулыу жер "Еки жуз қырық".
Қанша машақатлы гурес майданы.
Жазы мыс қайнаса, Қысы дым сууық.
Бугин бойсындырған шексиз даланы.
Жолшының жеңиси "Еки жуз қырық".
Шықсаң Ақшолақтан Кара тәрепке,
Ийниң қыймылдамас жол болған тынық.
Бул жолдың тарийхы нәмәлим көпке,
Естен шықпас демлер "Еки жүз қырық".
Жети жүзден аслам ири техника,
Ал исшилер саны үш мыңға жууық.
Еки миллион куб тан аслам материал,
Вагонда тасылды мың кәруан болып.
Мәрт пенен нәмәртти айырар саўаш,
Бул сөздиң мәнисин тусиндим уғып.
Уллы жоба ушын, Түрли көз қарас,
Талай тартыс болған "Еки жүз қырық".
Жигирма Фураның майы тоңлаған,
Декабрь ,Түн уақты ..Хауа дым сууық,
Бәрине бийминнет қол ушын созған,
Жәрдемге асыққан "Еки жүз қырық".
Бул жолға бағышлап пүткил өмирин.
Мәртлер мийнет етти бәрха тик турып.
Сапар шеккен сайын еслең хәр бириң...
Қурбансыз питпеди "Еки жүз қырық".
Ел арын қорғаған қахарман яңлы,
Бәри маман еди исине қанық.
Жолшыны жоғалттық бир нешше санлы,
Бунша қатал болған "Еки жүз қырық".
Жолшының мийнети хәмийше хадал,
Алғысқа бөленсин Айдын жол қурып.
Мәнзилден мәнзилге аман сау апар,
Дәулетли жолым бол, "Еки жүз қырық".
«Узавтожолбелги» МШ
Қарақалпақстан филиалы.
✍️Ж. Мәмбетшарипов.
2024 жыл.