🇺🇿 Идеологиялық мәселелерде ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири – миллий кинематографияны ҳәм телевидениени раўажландырыў болып табылады. Бизлер өзлеримиздиң тамашагөйлеримизди тартып алыўымыз керек. Кимлерден екенин жақсы билесизлер. Бизиң телевидениемизди ийелеп алғанлар мәмлекеттен ажыратып алыўымыз керек.
Қалайынша бундай болды? Биз өзимиздиң телевидениемизди цензура менен өлтирип таслап, оны раўажландырмай қойдық. Ол зеригерли болып қалды ҳәм бәсекиге қарсы тура алмады. Ҳәттеки Президент те прайм-таймда миллий сериалларға қарағанда шет ел сериаллары көп орын ийелеп алғанлығын айтып өтти.
Миллий сериалларды ислеп шығарыўдың Концепциясын ислеп шығыўға ҳәм жергиликли кадрлар, әсиресе драматурглар ҳәмде режиссерлар ушын шәрт-шәраятлар жаратып бериўге қарар етилген. Ташкент ўәлаятында кино түсириў ушын еркин экономикалық зона – өзлеримиздиң «Голливуд» - Cinema Park жаратылады. Оның аймағында шет ел ири студиялары менен бирге жумыс алып барыўды жолға қойыў ушын англичан ҳуқықы еңгизиледи, салықлар бийкар етиледи, павильонлар ҳәм т.б.лар қурылады.
❗️ Егер биз жақын арада өзбек тилиндеги миллий киноларымызды жолға қойып алмасақ, идеологиялық гүрести биз қолдан берип қоямыз.
@krmakarenko