Karinform


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha



Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


Қарақалпақстанлы абитуриентлер ушын 500 қосымша мәмлекетлик грантқа дизимнен өтиў басланды

2026/2027-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриат тәлим бағдарларына кириў имтиханларында төлемли-контракт тийкарында усыныс етилген қарақалпақстанлы жаслар ушын мақсетли қабыллаў параметрлери (қосымша грант орынлары) шеңберинде таңлаўда қатнасыў имканияты жаратылды.

Дизимнен өтиў процеси 2026-жыл 2-6-октябрь күнлери 
my.uzbmb.uz платформасы
арқалы әмелге асырылады.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️Жоқары билимлендириў министри атынан жалған хабарлар жиберилмекте

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов атынан пуқараларға жалған Телеграм хабарлары жиберилмекте. Министрлик бул хабарларды министрдиң өзи емеслигин мәлим етти.

Пуқаралардан бундай хабарларға жуўап бермеў, тастыйықлаў кодларын ҳеш кимге бермеў ҳәм жеке мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди жибермеў соралды.


Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️Бүгиннен баслап тәбийғый газ лимити көтериледи

2026-жыл 1-октябрден баслап айлық базалық нормалар жылытыў мәўсими шкаласына өтип, лимит 100 м3 тен 500 м3 ке көтериледи. Яғный, алдын 100 куб метрге төлеп келген пулды 500 куб метрге төлейсиз.

Министрлер Кабинетиниң 15.05.2026-жылдағы 243-санлы қарарына бола, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында 2026-жыл 1-октябрден баслап 2027-жыл 1-мартқа шекем пуқаралар пайдаланылған тәбийғый газ ушын төмендеги муғдарларда пул төлейди:


➖ айына 500 куб метрге шекем - 1100 сум;
➖ айына 501 куб метрден 2 500 куб метрге шекем - 2000 сум;
➖ айына 2 501 куб метрден 5 000 куб метрге шекем - 2300 сум;
➖ айына 5 001 куб метрден 10 000 куб метрге шекем - 2700 сум;
➖ айына 10 001 куб метр ҳәм одан жоқары 3300 сум.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️️Нызамшылықта муғаллимлерге берилген айырым жеңилликлер менен танысың

🔹1-октябрь "Муғаллимлер ҳәм устазлар күни" деп белгиленген ҳәм бул күн байрам (дем алыс) күни есапланады.

🔹Балаларға тәлим-тәрбия беретуғын барлық педагог хызметкерлер турақлы түрде бийпул медициналық тексериўден өткериледи.

🔹Педагоглар ушын 56 күнлик жыллық ҳақы төленетуғын узайтырылған дем алыслар бериледи.

🔹Педагог хизметкерлер ушын жумис ўақтының даўамыйлығы ҳәптесине көби менен 36 саат етип белгиленеди.

🔹 Мектеп муғаллимлерине жумысты баҳалаў нормалары тийкарында 10 проценттен 40 процентке шекем, китапханашы ҳәм психологларға 10 проценттен 20 процентке шекем үстеме белгиленеди.

🔹 Пән олимпиадасының жеңимпазын таярлаған оқытыўшылар хошаметленеди.

🔹Муғаллимлер наўқас болып қалганда материаллық жәрдем бериледи.

🔹Олимпиада жеңимпазы болған муғаллимлерге 150 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Өзи сабақ беретуғын пән бойынша халықаралық тән алынған ҳәм миллий сертификатқа ийе болған муғаллимлерге олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

🔹"Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп" таңлаўының жеңимпазы болған мектепке ярым миллиард сум бериледи.

🔹Инклюзив класс муғаллимлерине 40 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Алыс аймақларда сабақ берип атырған муғаллимлерге 50 процентке шекем үстеме бериледи.

🔹Математика, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалардың жеңимпазларын таярлаған профессор-оқытыўшыларға ақшалай пул сыйлығы бериледи.

🔹Көп жыллық стажға ийе педагоглар мәжбүрий аттестацияга тартылмайды.

🔹Халықаралық пән олимпиадаларын таярлаған оқытыўшыларға маманлық категориясы аттестациясыз бериледи.

🔹Республикалық пән олимпиадасы жеңимпазларын таярлаған муғаллимлердиң маманлық категориясы бир басқышқа арттырылады.

🔹Медицина тараўы профессор-оқытыўшыларына емлеў-диагностика жумысларын орынлағаны ушын қосымша ҳақы төленеди.

🔹Билимлендириў мәкемелериниң шет тиллери пәни муғаллимлерине айлық үстемелер бериледи.

❗️Оқытыўшылардың жумысына араласқанлық ушын жуўапкершилик бар.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


Өзбекстанның сыртқы қарызы 84 млрд доллардан асты

Усы жылдың биринши ярым жыллығында Өзбекстанның жәми сыртқы қарызы 1,9 миллиард долларға артып, 84,1 миллиард долларға жеткен.

Оған бола, Өзбекстанның жәми сыртқы қарызы бир жыл алдынғыға салыстырғанда дерлик 12 млрд долларға артқан. Соннан мәмлекет қарызы 41,7 млрд доллар, корпоратив қарыз болса 42,4 млрд долларды қураған.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❓Нөкис қаласындағы "CHAO YI KU" магазининде чек не ушын қытай тилинде?

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси рәсмий мүнәсибет билдирди.

2026-жыл 30-сентябрь күни Hoja.uz каналы тәрепинен “CHAO YI KU” Қытай кийим-кеншек саўда орайы бойынша жолланған видео мүрәжатында саўда чеги қытай тилинде екенлиги айтып өтилген.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында мәмлекетлик тил қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси-департамент баслығының басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен 2026-жылдың октябрь айында Нөкис қаласы ҳәм де районларда жайласқан исбилерменлик субъектлери, халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынлары ҳәм саўда шақапшалары атамаларын, сыртқы жазыўлар, атап айтқанда, қыстырмалар, реклама ҳәм басқа да дағазалар, мәлимлеме текстлерин хатлаўдан өткериў, “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы, “Реклама ҳаққында”ғы нызам ҳүжжетлериниң талапларына муўапықлығын үйрениў бойынша жумысшы топар дүзилмекте.

Сизиң мүрәжатыңызда атап өтилген мәселе жумысшы топар тәрепинен үйренип шығылатуғынын ҳәм де тийисли шешим қабыл етилетуғынлығын мәлим етемиз.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️Мүддет созылды

Магистр ҳаял-қызлар контракт төлемин мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў бойынша арза бериў мүддети созылды.

Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 15-августтағы 447-санлы қарарына муўапық, магистратураға базалық төлемли-коньтракт тийкарында усыныс етилген ҳәм оқып атырған ҳаял-қызлардың контракт төлемлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.

2026/2027-оқыў жылы ушын студентлер тәрепинен арза бериў мүддети 2026-жыл 10-октябрьге шекем создырылды.

Магистратурада оқып атырған ҳаял-қызлар контракт төлемин Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў ушын арзаны kontrakt.edu.uz платформасы арқалы жибериўи мүмкин.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️Өзбекстанда 1-бағдарда супер-контракт тийкарында оқыўға рухсат берилди

Таңлаўда қатнасып, 2-5-бакалавриат тәлим бағдарларынан бирине мәмлекетлик грант ямаса төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер өзлериниң қәлеўине бола үстинлиги бойынша таңлаған биринши тәлим бағдарында еселенген төлемли-контракт тийкарында оқыўы мүмкин.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


📢 Қарақалпақстан жаслары ушын квота ажыратылды

2026/2027-оқыў жылы ушын Қарақалпақстанлы абитуриентлерге жоқары билимлендириўге кириўде 2 қосымша имканият жаратылды.

1️⃣ 500 мақсетли қабыллаў:

2026-жыл 2-6-октябрь күнлери:

➖ Қарақалпақстанда турақлы жасаўшы;
➖ кириў имтиханында 68 балл ҳәм оннан жоқары нәтийже көрсеткен;
➖ мәмлекетлик ЖООларының күндизги тәлим формасына контракт тийкарында студентликке усыныс етилген жаслар

500 мақсетли қабыллаў орны ушын таңлаўда қатнасыў мүмкин.

Дизимнен өтиў: my.uzbmb.uz

Таңлаў абитуриент студентликке усыныс етилген ЖОО ҳәм тәлим бағдары бойынша әмелге асырылады. Усыныс абитуриентлердиң кириў имтиханында топлаған баллары избе-излиги тийкарында әмелге асырылады.

️⃣ Қосимша 6 500 қабыллаў орны:

Қарақалпақстанлы абитуриентлер ушын ўәлаятлардағы мәмлекетлик ЖООлардың бакалавриат бағдарларына 6 500 қосымша контракт орны ажыратылды.

✅ Бул имканияттан:
▪️Қарақалпақстандағы улиўма орта, орта арнаўлы яки кәсип-өнер билимлендириў мәкемесин тамамлаган;
▪️кириў имтиханында 56,7 балл ҳәм оннан жоқары нәтийже көрсеткен;
✅ бирақ студентликке усинис етилмеген абитуриентлер пайдаланыўы мүмкин.

Әҳмийетли: Таңлаў тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша әмелге асырылады.

Бул имканияттан пайдаланбақшы болған абитуриентлер белгиленген мүддетлерге итибарлы болыўы усыныс етиледи.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


⚡️Педагоглар ушын әжайып жаңалық

➖ Миллий сертификатқа ийе муғаллимлердиң айлығына 50 процент үстеме төленеди;

➖ Ҳәр жылы 208 район ҳәм қаладағы жетекши муғаллимге 30 миллион сумнан сыйлық бериледи;

➖ Және 1 000 муғаллим Уллы Британия, Франция, Сингапур сыяқлы мәмлекетлерге стажировкаға жибериледи;

➖ Кеминде 15 жыл стажға ийе педагоглардың перзентлерине жоқары оқыў орны контракты ушын процентсиз кредит ажыратылады.

➖ Сырт ел ҳәм миллий сертификат алған педагогларға имтихан қәрежети қапланады.

➖ Хорезмий, Ферғаний, Беруний, Ибн Сино, Менделеев сыяқлы халықаралық ҳәм регионаллық олимпиадалар жеңимпазларын таярлаған педагоглар тиккелей жоқары категорияга ийе болады.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️Бүгин барлық хызметкерлер 1 саат ертерек үйине қайтыўы мүмкин

️Бүгин 30-сентябрь барлық хызметкерлер ушын қысқартылған жумыс күни.

1-октябрь — Муғаллим ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен барлық хызметкерлер бүгин жумыстан 1 саат ерте үйге қайтыў ҳуқықына ийе.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


2027-жылдан пенсия ушын пуқаралардан қағаз ҳүжжетлерди қабыллаў тоқтатылады

2026-жыл 1-ноябрьден баслап жумыс көлеминиң қысқарыўы ямаса кәрхананың сапластырылыўы себепли жумыссыз деп табылған шахсларға жасқа байланыслы пенсия улыўма белгиленген жастан еки жыл алдын тайынланады. Кейинги жыл 1-январьдан баслап болса бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын тайынлаў да проактив түрде әмелге асырылады.

Сондай-ақ, пенсия жасына бир жыл қалған пуқараларды алдыннан хабардар етиў системасы жаратылады.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️Муғаллим ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен тек ғана 1 күн дем алынады, басқа қосымша дем алыс нәзерде тутылмаған.

✅ 1-октябрь (пийшемби) күни — барлық хизметкерлер ушин дем алис күни болады.

💼 2-октябрь (жума) күни — болса ҳәмме ушин жумыс күни.

Шемби күни болса әдеттегидей, 5 күнликлерге дем алыс, 6 күнликлерге жумыс күни.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️B2 Сертификаты болмаған шет тили муғаллимлер жумыстан босатылмайды

Министрлик бул бойынша көрсетпе хат шығарды.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди

Нызам жойбары депутатлардың қызғын пикир-таласлары тийкарында көрип шығылды.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


📲 💳 Енди my.gov.uz‘да атыңызға рәсмийлестирилген барлық актив банк карталары ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкин

Ол жерде пластик ҳәм виртуал карталар да көрсетиледи.

Хызметтен пайдаланыў ушын порталға кирип, "Банк карталары" бөлимине өтиў жеткиликли.

Еслетпе! Ҳәзирше хызмет тест режиминде ислемекте. Ол тек ғана Өзбекстанда жумыс алып барыўшы коммерциялық банклер көрсетеди.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️Студентлердиң стипендиясы 7%ке көтерилип 609 548 сўм етип белгиленди.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❓Қарақалпақ тили өз ана тилимде ҳайўанлардың  балаларын не деп айтылыўын билесиз бе?

🐄 Сыйыр ─ бузаў
🐪 Түйе ─ боталақ
🐎 Жылқы ─ қулыншақ, тайыншақ
🐑 Қой ─ қозы
🐐 Ешки ─ ылақ
🐇 Қоян ─ гөжек
🫏 Ешек ─ гүрре
🐕 Ийт ─ күшик
🐈 Пышық ─ зергердек
🐖 Шошқа ─ торай
🦌 Кийик ─ қуралай
🐺 Қасқыр ─ бөлтирик
🦊 Түлки ─ мыршай
🐻 Айыў ─ қоңыжық

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️Қарақалпақстанда пахта терими: 1 кг — 2000 сўм

Қарақалпақстанда пахта терими басланып, қолда терилген 1 кг пахта ушын 2000 сум терим пулы төлениўи белгиленди.

💳 Теримшилерге төлемлер коммерциялық банклер тәрепинен әмелге асырылады.

👥 Пахта териминде қатнасып, қосымша дәрамат табыўды қәлеўши пуқаралар өзи жасап атырған мәҳәллесине мүрәжат етиўи мүмкин.

🍲Теримшилер: Ыссы аўқат пенен тәмийинленеди;
🚌 бийпул автобуслардан пайдаланады.

☎️ Терим пуллары бойынша машқала болса:
(61) 222-11-88
(61) 222-45-45
⏰ Байланысыў ўақыты: 09:00–22:00

💰Қосымша дәрамат табыўды қәлеўши пуқаралар ушын мүмкиншилик.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform


❗️Педофиллерге өмирлик қамақ жазасы усыныс етилмекте

Нызамшылыққа тийисли өзгерислер киргизиў бойынша усыныслар таярланып, көрип шығыў ушын усыныс етилген.

Ата-ана ҳәм педагоглардың бийпәрўалығы ушын да жуўапкершилик күшейтиледи.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.