❌ Кишкенелерге гаджетлерди бермең!
Испания педиатрия ассоциациясы (AEP) ҳәр жылы жаңа илимий мағлыўматлар тийкарында балалардың экранлардан пайдаланыўы бойынша жасқа байланыслы усынысларды жаңалады.
✅ Тийкарғы қағыйдалар:
➖ 0 жастан 6 жасқа шекемги балалар:
• экранларды улыўма бериўге болмайды, қәўипли;
• Айрықша жағдайда ҳәм үлкенлер қадағалаўы астында экраннан белгили мақсет себепли белгили бир адам менен социаллық байланыста болыў ушын пайдаланыў мүмкин, Мәселен, экранның екинши тәрепиндеги адам ўақыя айтып бериўи ямаса қосық айтып бериўи мүмкин.
➖ 7 жастан 12 жасқа шекемги балалар:
• Бир сааттан аз (оқыў ўақты ҳәм үйге тапсырма орынлаў ўақтын қосып есаплағанда);
• Интернетке кириўши қурылмалардан пайдаланыўды шеклең;
• Қорғаныў факторларына үстинлик бериң: спорт пенен шуғылланыў, қатарлары менен жеке қатнасықлар, тәбият пенен байланыс, уйқы, саламат аўқатланыў ҳәм басқалар;
• Егер ата-аналар балалар экранлы қурылмадан пайдаланыўы керек, деген қарарға келсе, оны үлкенлер қадағалаўында болыўы, стационар мағлыўматлар узатыў қурылмалары менен болыўы (сымсыз байланыстан пайдаланбаў) усыныс етиледи; планшет ямаса смартфон менен ванна, туалет ҳәм жатақ ханаларға барыўдан сақланыў;
• Ата-аналар ҳәм балалар ортасында алдыннан ўақыт бойынша да, жасқа сәйкеслестирилген мазмун бойынша да анық шеклеўлерди келисиң.
➖ 13 жастан 16 жасқа шекемги балалар:
• Еки сааттан аз (оқыў ўақты ҳәм үйге тапсырма менен бирге);
• Егер қурылмалардан пайдаланыўға рухсат берилген болса, ата-ана қадағалаўы қуралларын орнатың ямаса 7-12 жастағы балалар ушын усыныслардан пайдаланың.
🌐 @Karakalpak95 - ИСЕНИМЛИ ХАБАРЛАР каналы!