Кеўил билдириў
Усы жылдың 22-Февраль күни,
аўыл хожалығы пидайысы, «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери» нураный Бахыт Назаров 74 жасында дүньядан өтти.
Бахыт Назаров кишипейил, ҳақ кеўил, пидайы ҳәм жанкүйер инсан еди.
Ол өмири даўамында Қанлыкөл районы ҳәкимлигинде, "Бескөпир" Апж бурынғы Ленинград совхозының қәлиплесиўинде салмақлы үлес қосқан пидайы инсан еди. Аўыл хожалығы тараўында мийнет етип, аўыл-елге абройлы, үлкен ҳүрмет иззетке бөленген, өзиниӊ билегенлерин ҳеш кимнен аямаған ҳүрметли инсан болды.
Ол өмириниң ақырына шекем аянбай мийнет етип, ҳүрмет-иззетке бөленген нураный, ел ардағындағы маман кадр болды. Өзине тапсырылған ҳәр бир ўазыйпаға жуўапкершилик пенен қарап, аўыл хожалығы пәниниң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан пидайы инсан еди.
Қанлыкөл районы ҳәкимлиги, “Нураный қоры” Қанлыкөл районлық бөлими атынан марҳумның шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтады.
https://t.me/kanlikulnews