Район ҳәкимлиги қабыллаўы
Бүгин Қанлыкөл районы ҳәкимлиги тәрепинен гезектеги пуқаралар мүрәжатлары бойынша жеке қабыллаў өткерилди. Қабыллаўда район ҳәкимлиги ҳәм Халық қабыллаўханасы басшылары пуқаралар мүрәжатларын қабыллады.
Пуқаралар өз мүрәжатларында аймақларға жол, жумыссызлық ҳәм жеке саламатлығын тиклеў ушын жәрдемлер сораў, жаӊадан қурылған үй-жайлар ушын электр тәмийнаты ҳәм усыған уқсаған басқада турмыслық машқалалары менен мүрәжат етти.
Пуқаралардың мүрәжатлеринен мәлим болғанындай аймақларда пуқаралар алысын жақын, аўырын жеңил етиў ушын бир қатар жумыслар исленгени мәлим.
Қабыллаўда барлық мүрәжатларға унамлы шешим қабыл етилип айрымлары үйренип шығыў ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў менен даўам етти.
Qanlıkól rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti.
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.me/kanlikulnews