СИЗГЕ
Ибрайым аға Юсуповтың естелигине
Шымбай, “Азат ауыл” ийлеп қамырың,
Яд етсең үзиле түскен баўырың,
Заманның сөз бенен басқан тамырын,
Болжап-көрегенлик берилмиш Сизге.
Сазлап әдебият деген арбаны,
Даңғыл жолда көш дүзеген кәрўаны,
Мәнәўиятта өзиңиздек дарғаны,
Әўладлар пир тутып жүгинискен Сизге.
Шайыр болдың, демек болдың күйикли,
Қосық,-журтың жолбарыслы, кийикли,
Халық ушын ким болған бунша сүйикли,
Ҳақлық қамқа тоны кийилмиш Сизге.
Поэзияның жасаўлап ақ отаўын,
Жасарған шайырлық аталмыш аўыл,
Ығбал дарағың көп шайқаған даўыл,
Көп гүл, көп мийўаңыз төктирген Сизге.
Қыл жалаған кеўил деген қынында,
Елиң менен шадлығың да, муңын да,
Қарақалпақтың поэзия шыңында,
Әжинияз, Бердақ қол узатқан Сизге.
Исмин улығлаған еллер, қалалар,
Руухый дәрьяңызда нешше салалар,
Муҳаббат бағынан терип лалалар,
Қәйдем, қанша қызлар гүл берген Сизге.
Зиялылық сырлап саўлат-шырайын,
Бағып өткен халықтың кеўил ырайын,
Жыйынлар: “Келди, деп шайыр Ибрайым!”,
Қоғадай жапырлып жол берген Сизге.
Қәлби ўакым жердек пәк ҳәм ҳасылдар,
Жан кумбызы жан сөзлер деп лапылдар,
Бүлбилзибан даныш Аббаз ахуннан,
Бағышланған алтын дуўалар Сизге.
Сүрип өткен йош тулпарын сайлатып,
Қанша түркийзибан жулдыз, ай батып,
Расул Ғамзатов, Шыңғыс Айтматов,
Мисли киндиги бир сыңарлар Сизге.
Сөзден басқа байлық излеп қызбаған,
Қай күнде де беглигин ҳеш бузбаған,
Халық сарсылса жүрек болып сызлаған,
Шайырлық азабы шегилмиш Сизге.
Давид Кугультинов, Қайсын Кулиев,
Көп емес буныңдай шоққылар бийик,
Ақбозлак жүзиңизди қызартып сүйип,
Жүрек төрлеринен жай берген Сизге.
Қосықлары қыпша бели қыналған,
Ақыл-ой, көрк, дилўарлықта сыналған,
Домлалар –Миртемир, Айбек, Ғуламнан,
Әлҳәббиз, әўпәрин айтылмыш Сизге.
Көркем сөзде көз-көз етип көркиңди,
Тарийхта қуўынған арғы төркинди,
Арип Абдулланы, Ваҳид Еркинди,
Шын баўырман дослар әйлеген Сизге.
Көрсетсин деп қандай екенин төзим,
Ашсын деп тотыққан журеклер көзин,
Туўған топырағының айтсын деп сөзин,
Ана-тәбият серхош тил берген Сизге.
Жырларыңыз жыр ма, яки мәргия,
Мәгар, мәңги сөнбес онда бар зия,
Халыққа өзлигинен берген тәрбия,
Ўатанның даңқ тажы қуба-қуп Сизге.
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (398-400-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
Ибрайым аға Юсуповтың естелигине
Шымбай, “Азат ауыл” ийлеп қамырың,
Яд етсең үзиле түскен баўырың,
Заманның сөз бенен басқан тамырын,
Болжап-көрегенлик берилмиш Сизге.
Сазлап әдебият деген арбаны,
Даңғыл жолда көш дүзеген кәрўаны,
Мәнәўиятта өзиңиздек дарғаны,
Әўладлар пир тутып жүгинискен Сизге.
Шайыр болдың, демек болдың күйикли,
Қосық,-журтың жолбарыслы, кийикли,
Халық ушын ким болған бунша сүйикли,
Ҳақлық қамқа тоны кийилмиш Сизге.
Поэзияның жасаўлап ақ отаўын,
Жасарған шайырлық аталмыш аўыл,
Ығбал дарағың көп шайқаған даўыл,
Көп гүл, көп мийўаңыз төктирген Сизге.
Қыл жалаған кеўил деген қынында,
Елиң менен шадлығың да, муңын да,
Қарақалпақтың поэзия шыңында,
Әжинияз, Бердақ қол узатқан Сизге.
Исмин улығлаған еллер, қалалар,
Руухый дәрьяңызда нешше салалар,
Муҳаббат бағынан терип лалалар,
Қәйдем, қанша қызлар гүл берген Сизге.
Зиялылық сырлап саўлат-шырайын,
Бағып өткен халықтың кеўил ырайын,
Жыйынлар: “Келди, деп шайыр Ибрайым!”,
Қоғадай жапырлып жол берген Сизге.
Қәлби ўакым жердек пәк ҳәм ҳасылдар,
Жан кумбызы жан сөзлер деп лапылдар,
Бүлбилзибан даныш Аббаз ахуннан,
Бағышланған алтын дуўалар Сизге.
Сүрип өткен йош тулпарын сайлатып,
Қанша түркийзибан жулдыз, ай батып,
Расул Ғамзатов, Шыңғыс Айтматов,
Мисли киндиги бир сыңарлар Сизге.
Сөзден басқа байлық излеп қызбаған,
Қай күнде де беглигин ҳеш бузбаған,
Халық сарсылса жүрек болып сызлаған,
Шайырлық азабы шегилмиш Сизге.
Давид Кугультинов, Қайсын Кулиев,
Көп емес буныңдай шоққылар бийик,
Ақбозлак жүзиңизди қызартып сүйип,
Жүрек төрлеринен жай берген Сизге.
Қосықлары қыпша бели қыналған,
Ақыл-ой, көрк, дилўарлықта сыналған,
Домлалар –Миртемир, Айбек, Ғуламнан,
Әлҳәббиз, әўпәрин айтылмыш Сизге.
Көркем сөзде көз-көз етип көркиңди,
Тарийхта қуўынған арғы төркинди,
Арип Абдулланы, Ваҳид Еркинди,
Шын баўырман дослар әйлеген Сизге.
Көрсетсин деп қандай екенин төзим,
Ашсын деп тотыққан журеклер көзин,
Туўған топырағының айтсын деп сөзин,
Ана-тәбият серхош тил берген Сизге.
Жырларыңыз жыр ма, яки мәргия,
Мәгар, мәңги сөнбес онда бар зия,
Халыққа өзлигинен берген тәрбия,
Ўатанның даңқ тажы қуба-қуп Сизге.
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (398-400-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov