Онлайн
Бүгин Қанлыкөл районында Қоӊырат, Мойнақ, Шоманай, Хожели районлары турғынлары ушын көшпели қабыллаў болып өтпекте.
Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Бажыхана басқармасы, Салық комитети, Кадастр агентлиги ҳәм басқа да мәкемелер басшылары пуқаралар мүрәжатларын тыӊламақта.
Мағлыўмат ушын, реже тийкарында исши топар тәрепинен наўбеттеги қабыллаў 23-январь күни Шымбай районында өткериледи.
Telegram 🟢 Facebook