Қараөзек районындағы Халық қабыллаўханасында район ҳәкими 1-сектор баслығы А. Баймуратов, райондағы мәкеме, шөлкем басшылары тәрепинен пуқаралар менен гезектеги қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаўды шөлкемлестириўдеги мақсет, пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаўға көмеклесиў ҳәм оларға қолайлықлар жаратыўдан ибарат.
Бүгинги өткерилген қабыллаўда, пуқаралардан турақ жайларын оңлаў, ишимлик суўы, социаллық қорғаў, бәнтлик, материаллық жәрдем, ишки жоллар бойынша мүрәжатлар келип түсти.
Пуқараларды қыйнап киятырған бул машқалаларды тийисли тараў басшыларының орнында үйрениўин район ҳәкими қадағалаўға алып, орынланыўы бойынша тапсырмалар берилди.
Халық қабыллаўханасы
🔵Telegram 🟢 Facebook