⚡️"Ҳүрметли донорлар" жәмиетлик транспорттан бийпул пайдаланыўы күтилмекте
Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен ислеп шығылып, Нызамшылық палатасына киргизилген жаңа нызам жойбарына бола, "Өзбекстан Республикасының ҳүрметли доноры" көкирек белгиси менен сыйлықланған шахсларға берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдарын арттырыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, олар қалалық жәмийетлик транспортынан (жөнелисли ҳәм жөнелиссиз таксилерден тысқары) бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе болады. Буннан тысқары, оларға санаторий-курортларда емлениў ушын жолламаларды гезексиз алыў имканияты жаратылады.
📍Информация бағдары @KarPressa