ММТВның 17.12.2024-жылдағы Жаңа жыл байрамын өткериў ҳаққындағы 04-37-4269-санлы хатынан
Жаңа жыл илажлары билимлендириў мәкемелеринде қызықлы ҳәм мазмунлы тәризде шөлкемлестирилиўи керек. Аймақ ҳәм класслар тек оқыўшылардың қол мийнети менен таярланған безеўлер менен безетилўи керек, электр жақтыландырғышлардан пайдаланыў усыныс етилмейди. Байрам бәнеси менен тәбийғый шыршаларды кесиў ямаса шақаларын сындырыўға жол қойылмайды.
Илажлар тек ғана класс ханаларында, фойелерде ямаса спорт залларында, сабақларға кесент бермейтуғын тәризде өткерилиўи керек. "Ең сулыў безелген класс" ҳәм "Ең жақсы Жаңа жыл қутлықлаўы" сыяқлы дөретиўшилик таңлаўлар, ертек ҳәм сахна көринислери шөлкемлестирилиўи мақсетке муўапық болады.
Байрам даўамында пиротехника қуралларын алып келиў ямаса олардан пайдаланыў қатаң қадаған етиледи. Класс саатларында ҳәм ата-аналар мәжилислеринде олардың зыянлы ақыбетлери ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылыўы зәрүр.
Сондай-ақ, илажларды өткериўде нызамсыз пул жыйымлары, муғаллимлер ҳәм басшыларға саўғалар бериў, ресторан ҳәм кафельерде байрам шөлкемлестириў қадаған етиледи. Байрамды шаңарақ дөгерегинде өткериўге үгит-нәсиятлаў да тийкарғы ўазыйпа есапланады.
Көрсетпелерге қатаң әмел етилиўи шәрт!
📍Информация бағдары @KarPressa