Полатты анасы
Дурдананың шығарып салыўы.
Не қуўларым бар еди,
Не ғазларым бар еди.
..............
Суўым бир кетип шөлледи.
Жарқырап турған жарығым,
Өмирден озған алығым,
Өртлерге толған өзеги,
Дәртиме мениң қанығым.
Әкеңе барып жеттиң бе?!,
Кемликке көнбей кеттиң бе?!
Қайысып тур ғой қабырғам,
Қырқ жеринен сөттиң бе?
Орны бир бөлек қулыным,
Қызығын көрмеген улының,
Елим деп ентелеп турғанда,
Узилип кетти ме жулының?
Булт кетпеди басыңнан,
Намыслы едиң жасыңнан,
Артық туўған ул едиң,
Он батпан өлшеў тасынан
Қайсы бирин айтайын ай,
Қай бириңди жойтайын ай,
Ертелеў келди гезегиң ..,ай
Жарасығым, безегим ..ай
Сыйпалап қалдым орныңды,
Өртенип тур гой өзегим,ай.
Қай жерде болды жазығың,
Исенген ""темир қазығым"",
Енди бул жоқлаў қосықлар, Өмирлик болар азығым ..
Қызларыңа кел деймен..,ай
Жалғызыңа не деймен..ай..
Қаўызын ашпай солажақ
Гүлсараңа енди не деймен ?!
Қоллары ашық , дарханым,
Таўсылып қалды талханың ,
Кимлерге арқа суйеймиз?!
Қайысып қалса қалқаның
Айдай болған жулдызым,
Тереңге кеткен қундызым,
Ырастан кетип қалдыңба?
Қызығын көрмей ул -қыздың,
Журт сыйған жерге сыймаған,
Халқым деп жанын қыйнаған,
Деп көгилдир аспан да
Көз жасын бүгин тыймаған.
Көзиңди жаным жумдың ба?!.,
Ләбиңди тастай қымдың ба?
Түбинде барар жери сол,
Патшалар менен қулдың да.
Зар жылап атыр қызларың,
Өмирдиң сезип ызғарын,
Аңладым бүгин улыңның,
Көкирегинде сыз барын.
Сағынсам қайдан излермен,
Ылағып кетип дүзлерден..
Әкеңе сәлем айта ғой.
Ыразы бол жаным бизлерден.
Қолымнан келер шара жоқ,
Бизлердей "күйик" қала жоқ,
Орныңа кимди қоямыз?
Өзиңдей сақый бала жоқ.
Гулистан Дәўлетова.
4 февраль 2023 жыл.
Жайың жәннетен болғай иним!
Каналға ағза болыў: @hoja_uz
Дурдананың шығарып салыўы.
Не қуўларым бар еди,
Не ғазларым бар еди.
..............
Суўым бир кетип шөлледи.
Жарқырап турған жарығым,
Өмирден озған алығым,
Өртлерге толған өзеги,
Дәртиме мениң қанығым.
Әкеңе барып жеттиң бе?!,
Кемликке көнбей кеттиң бе?!
Қайысып тур ғой қабырғам,
Қырқ жеринен сөттиң бе?
Орны бир бөлек қулыным,
Қызығын көрмеген улының,
Елим деп ентелеп турғанда,
Узилип кетти ме жулының?
Булт кетпеди басыңнан,
Намыслы едиң жасыңнан,
Артық туўған ул едиң,
Он батпан өлшеў тасынан
Қайсы бирин айтайын ай,
Қай бириңди жойтайын ай,
Ертелеў келди гезегиң ..,ай
Жарасығым, безегим ..ай
Сыйпалап қалдым орныңды,
Өртенип тур гой өзегим,ай.
Қай жерде болды жазығың,
Исенген ""темир қазығым"",
Енди бул жоқлаў қосықлар, Өмирлик болар азығым ..
Қызларыңа кел деймен..,ай
Жалғызыңа не деймен..ай..
Қаўызын ашпай солажақ
Гүлсараңа енди не деймен ?!
Қоллары ашық , дарханым,
Таўсылып қалды талханың ,
Кимлерге арқа суйеймиз?!
Қайысып қалса қалқаның
Айдай болған жулдызым,
Тереңге кеткен қундызым,
Ырастан кетип қалдыңба?
Қызығын көрмей ул -қыздың,
Журт сыйған жерге сыймаған,
Халқым деп жанын қыйнаған,
Деп көгилдир аспан да
Көз жасын бүгин тыймаған.
Көзиңди жаным жумдың ба?!.,
Ләбиңди тастай қымдың ба?
Түбинде барар жери сол,
Патшалар менен қулдың да.
Зар жылап атыр қызларың,
Өмирдиң сезип ызғарын,
Аңладым бүгин улыңның,
Көкирегинде сыз барын.
Сағынсам қайдан излермен,
Ылағып кетип дүзлерден..
Әкеңе сәлем айта ғой.
Ыразы бол жаным бизлерден.
Қолымнан келер шара жоқ,
Бизлердей "күйик" қала жоқ,
Орныңа кимди қоямыз?
Өзиңдей сақый бала жоқ.
Гулистан Дәўлетова.
4 февраль 2023 жыл.
Жайың жәннетен болғай иним!
Каналға ағза болыў: @hoja_uz