Туўысқан атаңнан қалған аманат.
Өзге бир күн өзегиңнен тебеди,
Жаның жанса жақының суў себеди,
Ықлас пенен жүзиңнен ким өбеди?!,
Туўысқаның өзиңдики билсеңиз,
Дунья қызық.бир биреўге жарыспақ,
Мақсет пе тек табан жолға тарыспақ,?!,
Ҳәзир ертек "" бир кесе сүт алыспақ"",
Баяғы меҳир ҳәм мүриўбет қайда ?!
Қатнаспасаң туўысқаның жат болар,
Елемеген тайың- ертең ат болар,
Меҳир --ашып оқылмаған хат болар,
Тырнақ айтың ,етсиз қайда барасыз?!
Бас кетсе геўде лаш болып кетти ме?!
""Қабырғалар" жүйсиз жерден сөтти ме?!
Пәрманлары әл аспанға жетти ме?!
Қозға күлди таслап, нени аласыз?!...
Табылып ҳәр уйден ""Парманбийбилер,""
Кеўлине хошжаққанларын сүйдилер,
Жақтырмаса қабаққа қар үйдилер,
Жақынлықтан журдай болып барасыз.
Туўысқаннан жақының жоқ әлемде ,
Жасы уллың мүтәж сенлик сәлемге,
Айралық аңлып жүр ҳәр бир қәдемде,
Меҳир мүриўбеттен асқан байлық жоқ.
Биреўлер жүр ""ата мийрас"" хатласып,
Бийтаныстай еки көзи атласып,
Қалып барар туўысқаны жатласып,
Тамырдағы қаны кимнен аманат?!
Тырнақ, еттен қашып қайда барасыз?!
Балким, коттежлерди айға саларсыз?!,
Көзиңе көзи түссин хабар аларсыз,
Туўысқан атаңнан қалған аманат.
Туўысқан анаңнан қалған аманат.
Гулистан Даўлетова
11 январь 2024 жыл.
Каналға ағза болыў: @hoja_uz
Өзге бир күн өзегиңнен тебеди,
Жаның жанса жақының суў себеди,
Ықлас пенен жүзиңнен ким өбеди?!,
Туўысқаның өзиңдики билсеңиз,
Дунья қызық.бир биреўге жарыспақ,
Мақсет пе тек табан жолға тарыспақ,?!,
Ҳәзир ертек "" бир кесе сүт алыспақ"",
Баяғы меҳир ҳәм мүриўбет қайда ?!
Қатнаспасаң туўысқаның жат болар,
Елемеген тайың- ертең ат болар,
Меҳир --ашып оқылмаған хат болар,
Тырнақ айтың ,етсиз қайда барасыз?!
Бас кетсе геўде лаш болып кетти ме?!
""Қабырғалар" жүйсиз жерден сөтти ме?!
Пәрманлары әл аспанға жетти ме?!
Қозға күлди таслап, нени аласыз?!...
Табылып ҳәр уйден ""Парманбийбилер,""
Кеўлине хошжаққанларын сүйдилер,
Жақтырмаса қабаққа қар үйдилер,
Жақынлықтан журдай болып барасыз.
Туўысқаннан жақының жоқ әлемде ,
Жасы уллың мүтәж сенлик сәлемге,
Айралық аңлып жүр ҳәр бир қәдемде,
Меҳир мүриўбеттен асқан байлық жоқ.
Биреўлер жүр ""ата мийрас"" хатласып,
Бийтаныстай еки көзи атласып,
Қалып барар туўысқаны жатласып,
Тамырдағы қаны кимнен аманат?!
Тырнақ, еттен қашып қайда барасыз?!
Балким, коттежлерди айға саларсыз?!,
Көзиңе көзи түссин хабар аларсыз,
Туўысқан атаңнан қалған аманат.
Туўысқан анаңнан қалған аманат.
Гулистан Даўлетова
11 январь 2024 жыл.
Каналға ағза болыў: @hoja_uz