Жаңа жыл тилеги.
Әмиўдарья толсын ылай суўларға,
Қуўансын көз түссе көлде қуўларға,
Ай жарылқап, оң жағынан кун туўып,
Толыссын шаңарақлар қыз ҳәм улларға
Несийбесин өзиң әкел, жаңа жыл !
Зәўлим, бийик имаратлар салынсын,
Мәрт уғланлар мийнетке шын қарылсын,
Гөззаллық әлемине ышқысы кетип,
Жаўызлықтың жолы кем кем тарылсын,
Тынышлық болып кел елге, жаңа жыл.
Туў алыстан көзге түсип бойымыз,
Космосқа уласып ақыл ойымыз,
Көкпар тартып, жас жигитлер қыз қуўып,
Жыйын теримнен соң қызып тойымыз,,
Халық тайдай туўлап турғай, жаңа жыл.
Сүрникпегей ығбал, ырыс кәрўаным,
Иске асқай кеўилдеги әрманым,
Қой устинен быйыл торғай жумалап,
Қанат жайсын қумай қуслы дәўраным,
Берекетли жыл болғайсаң ,жаңа жыл.
Халқым шайпалмасын ырыс қазаның,
Көрмегеймиз кемтаршылық азабын,
Шалқып ушып, сарқып ушып шағала,
Айдын көлде шапшып турғай сазаның,
Аралға бир даўран келгей, жаңа жыл.
Гиннеске кирип тур қара үйлерим,
Жылдан жылға жаман емес күйлерим,
Қарақалпақ, қазақ, өзбек, туркмен,
Туўысқанбыз десең бурар бүйрегим,
Дослық бесигине бөле, жаңа жыл!
.
Еңсем бийик, жаңа Өзбекстанда,
Булбил киби сайрайман кең бостанда,
Арал бойы жасыл мәкан жылында,
Жеңис туўы желбиресин аспанда,
Бахыт бағларына басла ,Жаңа жыл!!
""Дослық көпиринде"" бийик өреним,
Табылады жаныңа не керегиң,
Мойнақта ""Ақ кемени"" айтпағанымда,
Ҳәзир курорт мисли Қаратереңим,
Изин және жалғап жибер, жаңа жыл!
Ғыйт-ғыйтласаң ат болажақ тайларың,
Бирин еки қылды искер байларың,
Пүткил әлем гулистанға айланып,
Қарасаң көз тоймас салған жайларын,
Жолларға да бир наўбет бер, Жаңа жыл!
Табыслар көп әдебият, илимде,
Үшинши реноссанс ҳәзир билимде,
Қосықларым дунья жүзин шарлайды,
Ҳаўаз бәлент, күш қуўат бар үнимде,
Тынышлық гимнин айтсам, жаңа жыл!
Әжиниязға елтери тон кийгизип,
Юбилейин Юнескоға киргизип,
Пүткил түрки халықларын силкинтип,
Қарақалпақтың еки жеңин түргизип,
Дурилдетип той өткердик ,Жаңа жыл !
Кун -түн елдиң хызметинде басшылар,
Гүпшеклесер қапталында қосшылар,
Тыныш уйқылап пәр төсекте жатпаған,
Өзге елдиң үштен бири ""жоқшылар"",
Бул кунлерге шукирим көп, жаңа жыл.
Аппақ қарға орап аўыл аймақты,
Қаратаў жақ,Устирт кеңлик, ойпатты,
Оңынан ай туўып, аллам жарылқап,
Кеўли кең жазийра қарақалпақты,
Бахыт бесигине бөле, жаңа жыл!
Қаржы қоржыныңды молдан бөктерип,
Қолы келтелердиң қолын жеткерип,
Жылқысы бир таўға шықсын халықтың,
Қәдириңди барлық жылдан өткерип,
Бир сақый жыл болып кел тез, жаңа жыл..!
Гулистан Даўлетова.
27 декабрь 2024 жыл.
Каналға ағза болыў: @hoja_uz
Әмиўдарья толсын ылай суўларға,
Қуўансын көз түссе көлде қуўларға,
Ай жарылқап, оң жағынан кун туўып,
Толыссын шаңарақлар қыз ҳәм улларға
Несийбесин өзиң әкел, жаңа жыл !
Зәўлим, бийик имаратлар салынсын,
Мәрт уғланлар мийнетке шын қарылсын,
Гөззаллық әлемине ышқысы кетип,
Жаўызлықтың жолы кем кем тарылсын,
Тынышлық болып кел елге, жаңа жыл.
Туў алыстан көзге түсип бойымыз,
Космосқа уласып ақыл ойымыз,
Көкпар тартып, жас жигитлер қыз қуўып,
Жыйын теримнен соң қызып тойымыз,,
Халық тайдай туўлап турғай, жаңа жыл.
Сүрникпегей ығбал, ырыс кәрўаным,
Иске асқай кеўилдеги әрманым,
Қой устинен быйыл торғай жумалап,
Қанат жайсын қумай қуслы дәўраным,
Берекетли жыл болғайсаң ,жаңа жыл.
Халқым шайпалмасын ырыс қазаның,
Көрмегеймиз кемтаршылық азабын,
Шалқып ушып, сарқып ушып шағала,
Айдын көлде шапшып турғай сазаның,
Аралға бир даўран келгей, жаңа жыл.
Гиннеске кирип тур қара үйлерим,
Жылдан жылға жаман емес күйлерим,
Қарақалпақ, қазақ, өзбек, туркмен,
Туўысқанбыз десең бурар бүйрегим,
Дослық бесигине бөле, жаңа жыл!
.
Еңсем бийик, жаңа Өзбекстанда,
Булбил киби сайрайман кең бостанда,
Арал бойы жасыл мәкан жылында,
Жеңис туўы желбиресин аспанда,
Бахыт бағларына басла ,Жаңа жыл!!
""Дослық көпиринде"" бийик өреним,
Табылады жаныңа не керегиң,
Мойнақта ""Ақ кемени"" айтпағанымда,
Ҳәзир курорт мисли Қаратереңим,
Изин және жалғап жибер, жаңа жыл!
Ғыйт-ғыйтласаң ат болажақ тайларың,
Бирин еки қылды искер байларың,
Пүткил әлем гулистанға айланып,
Қарасаң көз тоймас салған жайларын,
Жолларға да бир наўбет бер, Жаңа жыл!
Табыслар көп әдебият, илимде,
Үшинши реноссанс ҳәзир билимде,
Қосықларым дунья жүзин шарлайды,
Ҳаўаз бәлент, күш қуўат бар үнимде,
Тынышлық гимнин айтсам, жаңа жыл!
Әжиниязға елтери тон кийгизип,
Юбилейин Юнескоға киргизип,
Пүткил түрки халықларын силкинтип,
Қарақалпақтың еки жеңин түргизип,
Дурилдетип той өткердик ,Жаңа жыл !
Кун -түн елдиң хызметинде басшылар,
Гүпшеклесер қапталында қосшылар,
Тыныш уйқылап пәр төсекте жатпаған,
Өзге елдиң үштен бири ""жоқшылар"",
Бул кунлерге шукирим көп, жаңа жыл.
Аппақ қарға орап аўыл аймақты,
Қаратаў жақ,Устирт кеңлик, ойпатты,
Оңынан ай туўып, аллам жарылқап,
Кеўли кең жазийра қарақалпақты,
Бахыт бесигине бөле, жаңа жыл!
Қаржы қоржыныңды молдан бөктерип,
Қолы келтелердиң қолын жеткерип,
Жылқысы бир таўға шықсын халықтың,
Қәдириңди барлық жылдан өткерип,
Бир сақый жыл болып кел тез, жаңа жыл..!
Гулистан Даўлетова.
27 декабрь 2024 жыл.
Каналға ағза болыў: @hoja_uz