2024-жылдағы инвестиция😁
Бир жыл алдын февралда қолымда бир миллионға шамаластай пул бар еди. Сүйтип көп ойландым оны неғылсам екен, яғный маған пайдасы тийетуғын незатқа жумсасам екен деп.
Кейин бирден права есиме түсип кетти. Қарасам Б категория бир ярым миллион сум екен. Дым арзан я. Сол ўақытта усы права дегенниң баҳасы көтерилин кетиўин кеўлим сездиме деп ойлайман. Содан баслап праваға оқып тасладым. Мен оқып баслағаннан бир ай өтип Б категория 1 миллион 800 мың болды мен оқыған жерде.
Ал 2024-жылдың соңында болса оқыў қәрежетлери төмендегише өсти:
Б категория 4 500 000 сум
БС категория 6 000 000 сум
Ҳәттеки тастыйықланбаған мағлыўматларға көре тест тарсырыў баҳасыда (бир миллион сум) асқанлығы айтылмақта.
Демек права мениң қолыма түсемен дегенше улыўма 2 миллион сумдай қәрежет кетти. Бул ҳәзирги оқыў қәрежетлериниң ярымынанда аз дегени😁