ЎАТАНҒА МУҲАББАТ
Бесигим соғылған тал ағаш өзиң,
Болажақ байтерек нәл ағаш өзиң,
Шөлде қанат жайып шыныққан бүркит,
Үйимниң қонағы – қарлығаш өзиң.
Қарайған түнегим, ағарған таңым,
Маңлай терге қарысқан киндик қаным,
Туўғаным, баўырым, сүйиклим сенсең,
Жаным, жаным, жаным, және жаным.
Өзиңде әкемниң қәбир таслары,
Анамның ағарған тал-тал шашлары,
Мендеги өзиңе ашықлық дәртин,
Емлей алмас дүньяның врачлары.
Жазыңа ашықпан мыстай қайнаған,
Сазыңа ашықпан бүлбил сайраған,
Сенде туўылғаным ҳаслында ҳикмет,
Қызыңа ашықпан перзент сыйлаған.
Кеўилди тырнайды сәл кебир енди,
Суў басып атыр гә не бир елди,
Қудай да қалай болса солай сүй деп,
Сенлик муҳаббетти мол қуя берди.
Сен қыйналсаң жан сабағын сөтермен,
Бас саўғалап ем ақтарып өтермен,
Қудай молдан қуйған муҳаббетке,
Бир күнлери мантығып-ақ кетермен.
Қуры гәп керек емес адамға мәрт,
Елиңниң дәрти бөлек, ол тәнҳа дәрт,
Ҳәтте, гөриңде де қайғырып жатыў,
Ўатанға шәрт екен, Ўатанға шәрт!
Аллаяр Дарменов,
Август, 2024.
@Allayar_Darmenov
Бесигим соғылған тал ағаш өзиң,
Болажақ байтерек нәл ағаш өзиң,
Шөлде қанат жайып шыныққан бүркит,
Үйимниң қонағы – қарлығаш өзиң.
Қарайған түнегим, ағарған таңым,
Маңлай терге қарысқан киндик қаным,
Туўғаным, баўырым, сүйиклим сенсең,
Жаным, жаным, жаным, және жаным.
Өзиңде әкемниң қәбир таслары,
Анамның ағарған тал-тал шашлары,
Мендеги өзиңе ашықлық дәртин,
Емлей алмас дүньяның врачлары.
Жазыңа ашықпан мыстай қайнаған,
Сазыңа ашықпан бүлбил сайраған,
Сенде туўылғаным ҳаслында ҳикмет,
Қызыңа ашықпан перзент сыйлаған.
Кеўилди тырнайды сәл кебир енди,
Суў басып атыр гә не бир елди,
Қудай да қалай болса солай сүй деп,
Сенлик муҳаббетти мол қуя берди.
Сен қыйналсаң жан сабағын сөтермен,
Бас саўғалап ем ақтарып өтермен,
Қудай молдан қуйған муҳаббетке,
Бир күнлери мантығып-ақ кетермен.
Қуры гәп керек емес адамға мәрт,
Елиңниң дәрти бөлек, ол тәнҳа дәрт,
Ҳәтте, гөриңде де қайғырып жатыў,
Ўатанға шәрт екен, Ўатанға шәрт!
Аллаяр Дарменов,
Август, 2024.
@Allayar_Darmenov