️
Айырым дийқанларға 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратыладыПәрманға бола, Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан төмендеги финанслық қоллап-қуўатлаў тәртиплери енгизиледи:
▪️ҳәр жылы 500 мәҳәлледе биреўден халық қыйтақ жеринде әмелге асырылған ең үлгили ҳәм инновациялық жойбар ушын БЕМның 100 есесинен аспаған муғдарда грантлар ажыратылады;
▪️уста дийқанлар тәрепинен қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын ҳәр бир курс ушын БЕМның 15 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратылады;
▪️белгили бир мәҳәлледеги 50 процент шаңарақлардың қыйтақ жеринде експортқа жарамлы өним жетистириўди жолға қойып берген шебер дийқанларға 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады;
▪️қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары және оларға хызмет көрсетиўши субектлерге коммерциялық банклер арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, оларды қайта ислеў, кептириў, сақлаў ҳәм қадақлаў жойбарлары ушын 2 жылға шекем жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке Орайлық банк тийкарғы ставкасынан 4 процентлик пункт жоқары ставкада (соннан 5 процент банк маржасы) кредитлер ажыратылады;
▪️халық қыйтақ жерлери ҳәм ижара жерлеринде ықшам музлатқышлы қоймаханалар, қадақлаў, кептириў ҳәм қайта ислеў үскенелери, таяр ҳалындағы ыссыханалар 24 айлық жеңиллетилген дәўир менен 5 жылда бөлип төлеў шәрти менен лизингке
бериледи.
️Каналға ағза болың👇
https://t.me/+W0NBlc9wPDoxN2Ey