Joqarǵi keńes.uz dan repost
Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе “Дийқан хожалығы ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети баслығы А.Жуманазаров баянат жасады.
«Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызам жойбары ислеп шығылды. Нызам жойбары Өзбекстан Республикасының тийисли Нызамы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарларына тийкар ислеп шығылды.
Оның мақсети дийқан хожалығын шөлкемлестириў, оның жумысының ҳуқықый тийкарларын белгилеў, сондай-ақ, дийқан хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Нызам менен дийқан хожалығын жүргизиў ушын 0,06 гектардан – 1 гектарға шекем болған жер участкаларын бериў (алдын суўғарылатуғын жерлерде 0,35 га шекем берип келинген), фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен тийкарғы егиннен босаған жер майданларында дийқан хожалығы менен шуғылланыў ушын бир жылға шекем болған мүддетке ижара тийкарында 0,06 гектардан – 10 гектарға шекем жерлерди бериў, дийқан хожалығының аўыл хожалығы өнимлерин реализациялаўдан алынған дәраматларына салық салынбаўы сыяқлы әҳмийетли мәселелер нәзерде тутылмақта.
Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube