Postlar filtri




Мектеп жәмәәтиниң басламасы күтә унады. Усындай басламалар болар екен, перзентлер жетим қалмайды деп ойлайман.
Ақырғы жылларда маған унаған проект болды.


Nukus.uz dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Баламның хаты

Бүгин биз жеделлик заманында жасап атырғандаймыз. Қайсы ўақыт қарамаң бир жерге асығып баратырмыз, кетип баратырмыз.
Айрым ата-аналар жумыстан шаршап келгенлигин бәнелеп, перзентлери менен сөйлесиўди умытқандай...
Перзентлерге ата-ана мийрими жетиспей атырғандай...
Мен дем алыўым керек деген себеп пенен көпшилик жағдайда айрым ата-аналар телефонда социаллық тармақлардағы видеоларды көриў менен ўақыт өткизетуғынлығын оқыўшы жаслар менен сәўбетлесиўлерде аңлап атырғандаймыз.
Қаламыздағы 16-санлы улыўма билим бериў мектеби оқытыўшылары ҳәм оқыўшалары тәрепинен гейбир сәтсиз шаңарақлардағы кемшиликлерди арамызда ушрасатуғын турмыс бетлерин өз интермедиясында сәўлелендирди.
Кишилер үлкенлерге сабақ бергенинде көзлер жерге қарап қалар екен.
Усы мектеп жәмәәти ҳәм "Қызыл қум" МПЖ бирге ислесиўинде,атап айтқанда, ата-аналар ҳәм оқыўшылар менен психологиялық семинарлар өткерилиўи нәтийжесинде аймақта өткен жылларға салыстырғанда шаңарақлардың ажрымлар санының кемейиўине ерисилген.


Стамбулда ийт наўқас күшигин ветеринария клиникасына алып келди

Бейликдюзю районындағы ветеринария хызметкери күшикти емлеўге кирискен. Күшиктиң жүрек пулси пәсейип, оны интенсив терапия бөлимине жатқарған. Бул ўақыт ишинде ийт баласының қасынан бир минутта алыс кетпеген.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Nukus.uz dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Нөкис сизге өзгеше инновацион
жаңалықларды усынады


Енди қантлы диабет кеселлигине шалынғанлар биймәлел қорықпастан жей алатуғын кондитер өнимлерин шығарыўшы цех өз жумысын баслады.
Биз исенимли өнимлерди көрсетемиз,таныстырамыз.
Соныда айрықша айтып өтиўимиз керек, мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлерге жеңилликлердиң берилиўи нәтийжесинде исбилерменлик санының артыўы, бәсекениң пайда болыўы халыққа сапалы ҳәм арзан өнимлер жетилистириўине себепши болмақта.
Исбилерменлердиң өнимлери арзан ҳәм сапалы болса жыллар өтип мәмлекетимиздиң эконмикасына жақсы тәсирин тийгизеди.
Бүгин исбилерменликти раўажландырыўда мәмлекетимиз қолайлылықлы шараятларды усынбақта. Тек бизден ҳәрекет болса жетерли.
Мысалы, қаламыздағы "my Cake" ЖШЖ кондитер өнимлери цехы ҳәзирде "Ҳаяллар дәптери" дизиминде турған  алты ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеўге ерисип, соның менен қатар халқымызға тәбийий өнимлерди ислеп шығарып, дәраматлы болмақта.


Nukus.uz dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
"Uy" nomli qisqa metrajli animatsion film


Nukus.uz dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Нәрестениң өмири ушын

Мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдири улығлаўға қаратылған бағдарламалар шеңберинде ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеўге айрықша итибар қаратып атырғаны бәршемизге мәлим.
Елимиздеги ҳәр бир инсан ҳәм шаңарақ, пүткил жәмийеттиң бахты ҳәм келешеги менен байланыслы оғада әҳмийетли мәселе болып есапланады.

Усы орында биз Республика қәнийгелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илмий әмелий медицина орайы» Қарақалпақстан Республикасы филиалында Инсан қәдири тийкарында ана ҳәм балаға қандай әмелий жәрдемлер берилип атырғанына бойынша қызықсынып сәўбетлер шөлкемлестирдик.
Орай көмеги менен өткен жыл даўамында 6632 нәресте дуньяға келген, соннан мүддетинен алдын туўылған нәрестелер саны 457 болып, арнаўлы сақлаў процесслеринен соң бәршеси саламат аналардың баўырына берилген.

Еслетпе орнында, қалалық статистика бөлимниң мағлыўматы бойынша, өткен жылы республикамыз бойынша 13166, қаламыз бойынша 2218 дана неке саны дизимге алынған.

https://t.me/onabolamarkazi


Nukus.uz dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Арамыздағы адамлар

⚡Арамызда түрлише минез-қулыққа, тәрбияға ийе адамлар ушырасады.

Кегейли районы ҳәкимлиги ҳәм Мәденият бөлими тәрепинен ислеп шығылған бүгинги видеоконтентте айырым адамлардың жәмийетлик орынларда жүрис-турыс ҳәм сөйлесиў әдебине итибар қараттық.

Монтажшы: Бахтыбай Тохпанов

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial


Жумыс орныңызда болсаңыз,музыканы бәлентлетип айнаға қараң. Машиналарға, жолаўшыларға қараң, тәбиятқа қараң. Ишиңиздеги жақсы адамды еслеп қойың, сизге әзиз адамның еркелигин сизге унайтуғын қылықларын еслең.
Ҳәм бул түсликтен кейин жоқары кейпиятта жумыс баслаўыңызға себепкер болады.




Ең бай адам - міне!
Аспаны ашық, дұшпаны қашық.
Бір қолында айраны, бір қолында жәй наны.
Ақша жүзі даласындай жайдары, басқан ізі бабасының жайлауы.


@omir_sabaqlari


Жолларда қәўипсизликти тәмийинлеў деген уран, радар айрым исбилерменлерге жақсы болды.
Олай дегеним бул исбилерменлердиң басым көпшилиги бурын "Гай"ден урылғанлар болып табылады. Автомобиль ҳәрекети жудә көп болған точкаларда радар керек, лекин ҳәр қәдемде айдаўшының артынан қуўып жүретуғын тыңшы, халықты тонаўшы уры кимге керек ?...
Изинен қуўып радар тутады дегени не?
Бизлерде де радаршылар машиналардың изинде жүреди дегенине исенбеген едим.
Буннан бир ҳәпте алдын достым қоңыраў етти, бир кунде 2 марте избе из арасы 3 минуттан тускенмен деген еди.
Растан ақ усылай екен аў.


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Женисбек Пиязов видео мурожаат билан чиқди

Ўзбекистон Халқ артисти Женисбек Пиязов бугун ўзининг шахсий инстаграм саҳифасида видео мурожаат билан чиқди.

Унда ЙПХ ходимларини танқид қилди ва "радарчиларга инсоф қани" деб таъкидлади. Танқидни сабаби халқ артисти Бўстонлиқдан ўз автомашинасида қайтаётганда йўлда бир неча дақиқа ичида тўрт маротаба "радар"га тушган.

Каналга уланиш: @Kar24Uz


Усы видео көринислерде өзине қатты баўырына басқан, қолымды жаздырмай турған қыздың тағдири мени ойландырады.
Не қылды екен? Жай алдыма екен?деген сораўлар мени қыйнайды.
Быйыл усы қызғада қоса несийбе бергейсең Қудай деп тынбай аўзымнан ҳәр күни түспей тилек тилеп жүрмен.
2025-жылы Қудай қайдан болсада жеткерип, усы келиншек жайлы, үйли болып кеткей деп усы қызға тилекши болмақтаман.
Усы қызды еслесем ақырғы ўақытлары жүрегим аўыратуғын болып жүр. Ишим ғыж-ғыж жанып кете береди. Өртенгенимнен аўзыма ыссы леп келеди.
Ҳәзирде усы қызды ойлап, баўыр, ишимдеги хуждан сетилип, тилкимленип атыр.
Усы ҳүждан бир күни тамам етпесе болар аў.
Жазып жеңилленбесем болмады.


Халық айнасы dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#съёмка ўақытларында

Өмирден бәршесин табыўға болады

Өмирден комедия, драма, трагедияны жаратыў ҳәр бир инсанның қолында.
Сизге Әсербай Әжениязовтың Шаўдирбай Сейтовқа арнаў қосығы менен ишки сезимлеримди жеткергим келдим.

Ҳәр қатарда ишки уйқас бар болсын,
Пикир шегарасыз, көлем тар болсын,
Ағла сезим – эмоция кел бери,
Бизге, сизге илҳам мәдаткар болсын.

Шәке, насырый сөз гейде шайырға,
Мисли шортан шығып қалған қайырға,
Тап бир ебетейсиз қыймыл-ҳәрекет,
Әне усы жерде парық, айырма.

Ал, сен бәкен шыра жағып жағысқа,
Мәдет тилеп ҳарғын аққан ағысқа,
Адам бағдарынан адаспаў ушын,
Дейсең: бала, – Шамшырақты нық усла!

Сөйтип пүткил жәмааттың ғамын жеп,
Инсаниятқа хызмет етиў ойың тек,
Бар тилегиң, ҳадал мақсет-мурадың,
Адаспағай! Кәрўан – Кеме, Келиншек.

Ҳәр бир адам өз алдына шам-шырақ,
Дүнья пүтин емес, дүнья мың қурақ,
Шырақ жанар жақсы-жаман өткелде,
Тас түнектен көз айырмай жарқырап.

https://t.me/xallabay




Nukus.uz dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Сәлем муҳаббат, сәлем заўықлы өмир, сәлем бахытлы адамлар

Бахыт - тек он еки мүшеси саламатлар ушын ба?
Бизиңше, қандай жағдайда, қандай турмыс кешириўимиз кейпиятымызға байланыслы. Бахтыярлықты жүреги шүкиршиликке толы адамлардың өмиринен бахытты тапсақ болады.
Ал, ондай адамлар болса қаламызда, арамызда бар.
Заманласымыз Жолмурза Жумамуратов балалықтан майып, имканияты шекленген. Ол майыплығы бойынша напақа алады. Соның менен бирге, Нөкис дийқан базарында арба айдап, шаңарағын тербетип отыр.
Гейде айырым адамлар саламат бола тура, есик қағып мүрәжат жоллап жүргенлигин көрип, еситип қаламыз.
Олардың мүрәжатларына қулақ түрер екенсең, өзи де ҳәрекет етсе, ерисиўге болатуғынлығын билсе де билмесликке алып атырғанына ашынасаң. Мәмлекет береди деп қол қаўсырып отырсақ, бизиң адамлығымыз қайда қалады?
Үйимди шиферлаў керек, ремонты жоқ, маған шомылыў ханасы керек, есигим жоқ, жумыс жоқ деген сылтаўларды нықап етип, мәмлекеттен пайдаланып қалсақ, есап деп жүргенлер бул видеоны көрип жуўмақ шығарар, уялар...


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Биреўден ҳеш нәрсе күтпе. Жақсы нәрселер мудамы Аллаҳ таала тәрепинен бериледи.


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#Нөкис өнерментшиликти қоллап-қуўатлайды

Арба да сынбайтуғын, өгиз де өлмейтуғын жолды тапқан уста өнермент

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрь күнги "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай"бағдарламасын әмелге асырыўдағы илажлар Нөкис қаласында даўам етпекте.

- Кишкене ғана үйимде устахана бар. Усы жерде ҳәр түрли миллий сувинерлерди қолдан ислеймен.
Қосымша дәраматта! Жақында мәҳәллемизге бекитилген ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен қара мал алып, шарўашылықты да баслап жибердим. Мәмлекетимиздиң қолы берекетли болып, сыйырымыз баспақлаў алдында тур.
Ағаш устасы ҳәм шарўа болмақшыман.
Аўылда қолыңды қыбырлатсаң дәраматқа ийе боласаң. Ҳәзирде жай баслаў ушын азғантай ғәрежет жыйнап атырман. Бахтияр турмысқа тек мәмлекеттиң бергени менен емес, қосымша адам ҳәрекети менен жетсе болады-дейди биз бенен сәўбетлескен Мақсетбай Гулимбетов.


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Мен бул инсанлар менен ҳеште зерикпеймен
Керек болса бирге күлемен, жыласа өзимнен өткерип жылайман.
Нықапсыз жасаў дегени усы болса керек. Яки барлығың менен жасаў усы ма?
Ҳәр бир адам бир дунья. Тек дуньяның ишинен кире билсең, олар билген әлемди көз алдыңа сәўлелендирсең олардан шырайлы дөретпе жарата аласаң.

Әпиўайы инсанларда ҳадаллық өмирди көресең. Жақсылық дуньяны услап турғанына исенесең.

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.