Kegeyli.uz/Рәсмий канал


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: ko‘rsatilmagan


Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
ko‘rsatilmagan
Statistika
Postlar filtri


16-ноябрь Халықаралық кеңпейиллик күни

Сәне мүнәсибети менен райондағы барлық улыўма билим бериў мектеплеринде байрам илажлары болып ѳтпекте.
9-cанлы улыўма билим бериў мектебинде ѳткерилген илажда, түрли миллет ўәкиллериниң миллий кийимлер көргизбелери шѳлкемлестирилип, олардың миллий үрп-әдет дәстүрлери тийкарында сахналық көринислер, туўысқан халықлар миллий қосықлары атқарылды.
Бул ѳткерилип атырған илажлардан гѳзленген мақсет, бир шаңарақ астында тыныш ҳәм татыў жасап атырған, көп миллетли халқымыздың миллий мәдениятларына, үрп-әдетлерине ҳүрмет руўхында тәрбиялаў болып есапланады.


@kegeylirkuzofficial


"Жасыл мәкан" акциясы әмелде

2021-жылдың ноябрь айында Президентимиздиң "Жасыл мәкан" басламасын алға қойды.

Усы баслама тийкарында Кегейли районында да кең көлемли көкелемзарластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Бүгин райондағы "Жүзимбағ" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында "Мәҳәлле бағы"ның шөлкемлестирилди.

Оған райондағы 16 мәҳәлле жетилиги, аймақ турғынлары ҳәм нуранийлар қатнасып, ең жақсы тилеклер менен терек нәллерин жерге қадады.

Мағлыўмат ушын, аўыл пуқаралар жыйыны аймағына 200 түп мийўе ҳәм жүзим нәллери егилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial


#Жасыл_мәкан

"Ишки ислер бағы" жаратылды

Бүгинги күнде мәмлекет көлеминде тереклерди көбейтиўге қаратылған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелде қолланыў белгиленген. Бунда тереклерди егиў ҳәм қараў бағдарында басқарыў системасын жетилистириў, аймақларда “Жасыл бағлар”ды шөлкемлестириў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген. Буны шөлкемлестириў ушын барлық аймақларда жер орынлары ажыратылған болып, бүгин район Ишки ислер бөлими тәрепинен Қумшүнгил АПЖ аймағынан ажыратылған 4 гектар майданда "Ишки ислер бағы" жаратылды ҳәм районлық ИИБ бөлими хызметкерлери тәрепинен 4000 түп мийўели ҳәм декоратив терек нәллери отырғызылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial




Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#mektep_balalar_háreketi

📌Mektep sárdarları saylawı dawam etedi

📍Kegeyli rayonı Nurlı bostan MPJ aymaģında jaylasqan 14-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebinde "Eger men sárdarı bolsam" joybarı menen oqıwshı jaslar arasında mektep sárdarların saylawı iláji ótkerildi.

⚡️Bunda qatnasıwshılar ózleri tańlaǵan jónelisleri boyınsha jetiskenlikleri menen tanıstırıp, aldaǵı qoyǵan maqsetlerin tıńlawshılar itibarına usındı.

✅Iláj sońında dawıs beriw jolı menen baǵdar sárdarları saylanıp, olarǵa saltanatlı túrde "Isenim jarlıǵı" tapsırıldı.

@kegeylirkuzofficial


Гүзги шүдигарлаў бойынша семинар болып өтти

Кегейли районында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Шухрат Тешаев қатнасыўында гүзги шүдигарлаў жумысларын шөлкемлестириў бойынша семинар болып өтти. Семинарға Аўыл хожалығы министри Д.Қайпов, район ҳәкими А.Камалов, аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери ҳәм фермерлар қатнасты.

Семинар «Қүмшүнгил» АПЖ аймағында шөлкемлестирилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары Шухрат Тешайев сөзге шықты. Ол өз сөзинде гүзги шүдигарлаўды туўры шөлкемлестириўдиң аўыл хожалығы өнимлеринен жоқары өним алыўдағы әҳмийети ҳаққында тоқталып өтти ҳәм бул бойынша тийисли усынысларын берди.

Мағлыўмат ушын, мәўсим даўамында, район бойынша жәми 8326 гектар егислик майданды шүдигарлаў реже етилген болып, фермер хожалықлары тәрепинен жумыслар баслап жиберилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial


⚡️Búgin hákim orınbasarı qabıllaw ótkerdi

Qabıllawda hákim orınbasarı B.Bayjanovqa puqaralar tárepinen bántlik, ishimlik suw hám úy-jay menen támiyinlew, kadastr máseleleri boyınsha múrájatlar bildirildi.

Múrájatlar tiyisli tártipte kórilip shıǵıldı hám bir neshe múrájat sol waqıtta óziniń unamlı sheshimin tapqan bolsa, ayrımları jeke qadaǵalawǵa alındı.

Kegeyli rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
@kegeylirkuzofficial

7 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.