Табысқа ерискен инсанлардың өзине тән 20 қәсийети:
1. Басқалар ислей алмаған жумыстың олар жолын излейди, қол силтеп кетпейди;
2. Басқалар әўметсизлик деп билген нәрселерди, олар өмир сабақлары деп есаплайды;
3. Олар анық ойланған режелерди қабыл етеди;
4. Басқалар әўметти күтип отырса, олар әўметти өзлери излейди;
5. Басқалар сыяқлы оларда да қорқыў бар. Бирақ қорқыў оларды басқарыўға жол қоймайды. Олар қорқыўды әпиўайы бир қәўетерлениў деп есаплайды;
6. Олар сондай сораўларды береди, жуўабы инсанды терең ойлаўға мәжбүр етеди;
7. Олар шағым етпейди – шағым етиў артықша күш жумсаў деп есаплайды;
8. Олар басқаларға айыпты аўдармайды. Керисинше бәрше қылған ҳәрекетлери ҳәм олардың нәтийжелери ушын толық жуўапкершиликти өз мойнына алады;
9. Оларда өзгеше бир талант болмаўы мүмкин, бирақ олар ҳәр дайым машқаланы шешиў ушын максимал шешим таба алады. Олар өзлеринен көбирек нәрсени талап етеди;
10. Олар жүдә бәнт, нәтийжели ҳәм пунктуал инсанлар. Қайжерде болмасын олар әтираптағылардың өзлерин тап ислеп атырғандай тутып ўақыт өткерип атырғанлығын додаламастан, шын кеўилден берилип ислейди;
11. Олар өз мақсетлерине жетисиўде әтирапына ең нәтийжели тәсир көрсететуғын бир пикирли инсанларды жыйнайды;
12. Олар өзлерине "неге енди мен емес" деген сораўды береди. Бул болса ағым бойынша жүзбеўге жәрдем береди;
13. Басқалар өз өмирин шеттен бақлап атырған бир ўақытта, олар өмириниң қандай болыўын анық көз алдына келтире алады ҳәм сондай болыўға ҳәрекет етеди;
14. Олар еликлемейди, ал өз жолларын жаратады;
15. Олар өз жумысларын артқа сүрмейди, яғный, олар өмирде қандайда бир нәрсени күтип жасамайды;
16. Олар өмир бойы үйрениўде шаршамайды. Ҳәр қандай турмыслық тәжирийбе олар ушын сабақ;
17. Олар оптимист адамлар, сол себепли ҳәр нәрсениң пайдалы тәрепин көре алады;
18. Олар өзлерин қалай сезиўине қарамастан, ислеўи керек болған жумысты орынлайды;
19. Олар финанслық, сезимлик, кәсиплик ҳәм руўхый тәреплерден тәўекел етиўден қорықпайды;
20. Олар машқалалардан қашпайды, керисинше оларға тик қарайды.
Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR