ДСМ: Метапневмовирус жаңа кеселлик емес
Денсаўлықты сақлаў министрлиги бул вирус бойынша мағлыўмат берди. Оған бола, метапневмовирус алдыннан мәлим инфекция болып, биринши мәрте 2001-жылы анықланған.
Метанпевмовирусының гүз-қыс мәўсиминде белсендилесиўи бақланады. Бул инфекция әдетте мурын ағыўы, жөтел ҳәм температура белгилери менен, өткир респиратор вируслы инфекциялар сыяқлы пайда болады. Айырым жағдайларда бронхиолит ҳәм пневмонияны келтирип шығарады.
Кеселликти емлеў ушын үй шәраятында наўқастың жағдайын жақсылаўға қаратылған емлеў усыллары қолланылады. Аўыр жайдарларда кислородлы терапия ямаса емлеўханаға жатқарыў талап етилиўи мүмкин.
Өзбекстанда да ҳәзирги ўақытта өткир респиратор инфекцияларының мәўсимлик көтерилиўи бақланбақта. Олардың лаборатория тексериўлери турақлы әмелге асырылып атыр. Бундай тексериўлердиң 39,9%инде грипп, 32,2%инде риновирус, 30,6%инде респиратор-синцитиал вирус ҳәм 1,2%инде метапневмовирус анықланған.
✅ @qrdssm