#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️Аралбойы регионында медициналық хызметтиң сапасы арттырылады
“KfW” банки (Германия Федеративлик Республикасы) қатнасыўындағы "Аралбойы регионында медициналық хызметтиң сапасын арттырыў" жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары
(ПҚ-18-санлы, 22.01.2025-ж.) қабыл етилди
✍️ Қарарға көре,
"Аралбойы регионында медициналық хызметтиң сапасын арттырыў" жойбары бойынша төмендегилер тастыйықланды:
🔹жойбардың тийкарғы
техникалық-экономикалық көрсеткишлери;
🔹жойбарды әмелге асырыў шеңберинде “KfW” банкиниң қарызларын қайтарыў, соның ишинде, қосымша ҳақы ҳәм пайызлар төлеўдиң
прогноз кестеси;🔹Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты медицина мәкемелери ушын сатып алынатуғын
медициналық әсбап-үскенелердиң бөлистирилиўи;
🔹сатып алынатуғын арнаўлы
автотранспорт қуралларының аймақлар бойынша бөлистирилиўи.
🏢 Денсаўлықты сақлаў министрлиги Жойбарды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм муўапықластырыў,
грантлардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкер атқарыўшы уйым есапланады.
📕 Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы
"Сатыўлар орайы" мәмлекетлик мәкемеси Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде дүзилген шәртнамалар бойынша жүк қабыл етиўши контрагент есапланады.
🏢 Әдиллик министрлиги Өзбекстан ҳәм “KfW” банки ортасында қол қойылган қарыз ҳәм грант
келисимлери бойынша юридикалық жуўмақ береди.
📱
Telegram |📱
Facebook|🌐
Website📱
Telegram |📱
YouTube |📱
Instagram